Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында коронавирус инфекциясының кеңнен тарқалыўының алдын алыў мақсетинде енгизилген карантин қағыйдаларын бузыўға жол қойған  11 пуқараға ҳәкимшилик жаза тайынланды.

– Мәмлекетимиз көлеминде дерлик ҳәр күни алып барылып атырған кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларына қарамастан ҳуқықбузарлыққа жол қойып атырған пуқаралар ушыраспақта, – дейди Нөкис қалалық ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев. – Соннан жәмийетлик орынларда мәс ҳалында халықтың тынышлығын бузған 5 пуқараға қамақ жазасы, басқа да ҳуқықбузарлықларға жол қойған 6 шахсқа жәми 14 миллион 718 мың сум жәрийма жазасы қолланылды.

Соның ишинде, пуқара И.Ж. усы жылдың 22-апрель күни карантин қағыйдаларына әмел етпей, жәмийетлик орынларда мәс ҳалында медициналық нықапсыз жүрген. Оны тәртипке шақырыўға келген ишки ислер уйымы хызметкерлериниң нызамлы талабын орынламаған. Нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 54-статьясы 1-бәнти, 183-статьясы ҳәм 194-статьясы 1-бәнтинде белгиленген ҳуқықбузарлықларға жол қойған.

Бул шахсқа рәсмийлестирилген ҳүжжетлер Нөкис қалалық ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылып, 15 сутқа қамақ жазасы тайынланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы