Қытай Халық Республикасы Өзбекстанның ең жақын бирге ислесиўшилеринен бири болып саналады. Еки мәмлекет басшыларының исенимли ҳәрекетлери нәтийжесинде соңғы жылларда өз-ара қатнасықлар және де раўажланып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Достың қуўанышына шерик болыў, тәшўишли күнинде де оны қоллап-қуўатлаў халқымыздың әзелий қәдириятларынан. Бул дәстүр Қытайдың Ухань қаласында коронавирус пандемиясы басланған дәслепки күнлерден-ақ және бир мәрте айқын көринди. Өзбекстан еки рет Шын елине инсаныйлық жәрдемин жиберди.

Бүгин коронавирусты жеңип өткен Қытай да, өз гезегинде, усы кеселлик пенен гүресиўде Өзбекстанды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатламақта.

17-апрель күни елимизге Шын үлкесинен коронавирусқа қарсы гүресиўде үлкен тәжирийбеге ийе болған бир топар шыпакерлер жетип келди.

Ҳақыйқатында да, бул процестиң басланыўы Қытай жәмийетшилигинде де қызғын, унамлы мүнәсибет оятты. Ўақыя жергиликли ҒХҚда кеңнен сәўлелендирилди. Пекин ҳәм Нанчань қалалары клиникаларының тәжирийбели қәнигелерин Ташкентке шығарып салыў мәресими үлкен салтанатқа айланып кетти. Илажда қытайлы шыпакерлердиң мәмлекетимизге жиберилиўи ҳаққындағы қарары еки мәмлекет басшыларының өзбекстанлы кәсиплеслерине медициналық жәрдем бериў ҳаққындағы келисимине муўапық қабыл етилгени айрықша атап өтилди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында тәжирийбели эпидемиологлар, инфекционистлер, пульмонологлар, невропатологлар, терапевтлер, хирурглер, сондай-ақ, Қытайдың түрли регионларында наўқасларға қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўде қатнасқан қәнигелерден ибарат топар күтип алынды.

– Биз коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеў ушын бар күш, тәжирийбемизди иске қосамыз, – деди Қытай делегациясының басшысы, шыпакер Ло Ли Шен. – Буның ушын дәстүрий ҳәм заманагөй медициналық жетискенликлерден кеңнен пайдаланамыз.

Елимизге жетип келген самолёт бортынан Қытай ҳүкимети атынан ең зәрүр медициналық буйымлар ҳәм дәри-дәрмақ топламларынан ибарат рәсмий гуманитарлық жүк те түсирилди.

– Қытай халқы коронавирус кеселлиги ҳәўиж алған оғада қыйын бир жағдайда Өзбекстан бириншилерден болып жәрдем қолын созғанын ҳеш қашан умытпайды, деди Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Цзянь Ян ханым. – Қытай ҳүкимети, компаниялары, кәрханалары, жергиликли ҳәкимиятлар, илимий-изертлеў институтлары, сондай-ақ, жеке меншик сектор ўәкиллери атынан Өзбекстанға гуманитарлық жәрдеми жиберилди. Бул арқалы еки мәмлекет, еки халық ҳақыйқый дос екени және бир мәрте көринди. Биз мине усы аўыр жағдайда бир-биримизди қоллап-қуўатлап атырмыз.

15 тәжирийбели қәнигеден ибарат бул топар Қытайдың Цзянси провинциясы ҳәкимшилик орайы – Наньчан қаласынан келген. Бул аймақ коронавирус эпидемиясының орайы болған Хубэй провинциясы менен шегаралас екенин атап өтиў керек. Ең әҳмийетлиси, бул регион коронавирус инфекциясынан саўалған наўқаслардың саны бойынша Қытайда биринши орында турады.

Қытайлы қәнигелер сапар етиў даўамында мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларындағы медициналық мәкемелерде болып, шыпакерлеримизди қоллап-қуўатлайды, COVID-19 кеңнен тарқалып кетиўиниң алдын алыў, қадағалаў ҳәм емлеўди шөлкемлестириў бойынша медицина хызметкерлери менен биргеликте жумыс алып барады.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы