Нөкис қаласындағы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, 1972-жылы туўылған Ш.П. исмли пуқараның карантин қағыйдаларын қопал рәўиште бузғаны ушын 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

Бул ҳаққында  Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев мәлим етти.

Елимизде коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде карантин илажлары жәрияланғанына қарамастан айырым пуқараларымыз тәрепинен оның талапларын бузыў жағдайлары ушыраспақта. Атап айтқанда, шаңарақлы, бес перзенттиң әкеси Ш.П. усы жылдың 14-апрель күни жәмийетлик орын болыўына қарамастан, мәс ҳалында медициналық нықап тақпай жүрген. Усы аймақта жасаўшы пуқаралардың тынышлығын бузып, нызамбузыўшылыққа жол қойған. Бул да жетпегендей, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң нызамлы талапларына бойсынбаған.

Бул бойынша рәсмийлестирилген ҳүжжетлер Нөкис қалалық Ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылып, оған Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьялары менен үзил-кесил  15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.