Коронавирустан қайтыс болғанлардан дени саў адамларға кеселлик жуғыўы мүмкин бе, деген сораўға Қазақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Товарлар ҳәм хызметлердиң сапасы және қәўипсизлигин қадағалаў комитетиниң баслығы Зәўреш Жумадилова жуўап берди. Бул ҳаққында ӨзА «Казинформ»ға тийкарланып хабар бермекте.

 

– Коронавирус қайтыс болған адамнан жуғыўы мүмкин бе, деген сораў көп ушырайды. Әлбетте, жуғады. Биз бийкарға жәмийетлик транспорт ҳәм лифтлерди зыянсызландырып атырғанымыз жоқ. Коронавирус пенен наўқасланған адам лифт түймешесинен де қәўипли. Сол себепли, биз марҳумға оның ағайин-туўысқанларының жақынласыўын қадаған еткенбиз. Санитариялық-эпидемиологиялық хызмет қадағалаўы астында жоқары дәрежедеги қорғаныў қураллары менен жуўыныў ҳәм марҳумды жерлеўге таярлаў процедураларын әмелге асырып атырмыз, – деген Зәўреш Жумадилова.

Сондай-ақ, ол марҳумлар ҳәм аза тутыўшылар арасындағы аралықты сақлаў кереклиги, марҳумды жерлеў мәресимине келгенлер арасындағы аралық кеминде 3 метр болыўы зәрүрлигин атап өткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги