Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-апрель күни коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде орынлардағы жумыслардың нәтийжелилигин таллаў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыўдың әҳмийетли дәреги болған қыйтақ жерди раўажландырыўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен коронавирус тарқалыўын шеклеў, оның халықтың турмысы ҳәм мәмлекеттиң экономикасына болған унамсыз  тәсирин азайтыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Соның ишинде, Республикалық арнаўлы комиссия дүзилип, эпидемиологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың денсаўлығын қорғаў, карантин режимин енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар жолға қойылды.

Медицина мәкемелерин таяр ҳалға келтириў ҳәм қосымша қуўатлықлар қурыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Зангиата районында 10 мың орынға мөлшерленген арнаўлы емлеўхана тез пәт пенен қурылып атыр. Жоқары Шыршық районында болса 10 мың орынға мөлшерленген карантин зонасының қурылысы басланып, 15-майға шекем тапсырылады.

Мәжилисте атап өтилгениндей, пандемия шараятында соңғы бир ай ишинде сырт мәмлекетлерден 20 чартер рейс арқалы 6 мың, темир жол ҳәм шегара постлары арқалы  10 мың ўатанласларымыз алып келинди. Олардың барлығы 160 мәнзилге жайластырылып, карантинге алынды.

Тәжирийбели шыпакер-профессорлардан ибарат арнаўлы штаб дүзилип, ҳәр бир наўқасты емлеўде 24 саатлық онлайн мәсләҳәт бериў жолға қойылды. Қытай ҳәм Қубла Кореядан вирусологлар мирәт етилди. Россия, Германия, Япония, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң қәнигелери менен де турақлы телемедицина байланыслары орнатылған.

– Ең әҳмийетлиси, халқымыз жүзеге келген жағдайды дурыс баҳалап, өзиниң хызмет ўазыйпаларын аралықтан турып атқармақта, шыпакерлердиң усынысына ҳәм карантин тәртип-қағыйдаларына қатаң әмел етип, өзлериниң мәденияты, санасы ҳәм тәртип-интизамы менен ҳәммеге өрнек болмақта. Оқыўшылар ҳәм студентлеримиз онлайн оқыўлар ҳәм сабақлар арқалы билим алыўды даўам етпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Адамларды азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм медициналық қураллар менен үзликсиз тәмийинлеў системасы нәтийжели жолға қойылған. Сондай-ақ, сақаўатлы ҳәм уллы ўатанласларымыз тәрепинен көрсетилип атырған бийғәрез қайырқомлық  жәрдемлери мәнзилли түрде халықтың тийисли қатламларына өз ўақтында жеткерип берилмекте.

Президентимиздиң атап өтиўинше, қысқа мүддетте пуқараларымыз, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен «Өзбекстан Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» қорына 50 миллиард сумнан аслам қаржы өткерилгени – елимиздиң бүгинги күндеги қәўип-қәтерге қарсы ийинлесип гүресиўге таяр екенлигин айқын дәлийллейди.

– Мине усындай қыйын сынақ ўақтында көп миллетли халқымыз ҳаўлықпай ҳәм албыраўшылыққа түспей, кайта шеттен келген бул апаттың тез өтип кетиўине, жақсы күнлер келиўине исенип, өзиниң беккем ерк-ықрарын, мийрим-шәпәәтин ҳәм  аўызбиришилигин және бир  мәрте көрсетпекте, – деди Шавкат Мирзиёев.

 

 

Аймақларда тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлеримиз бәҳәрдиң ҳәр бир күнин ғәниймет билип, жақсы нийет ҳәм ертеңги күнге исеним менен аўыл хожалығы жумысларын баслап жиберди.

Стратегиялық әҳмийетке ийе болған санаат кәрханаларында, әҳмийетли қурылыс майданларында жумыс күнделикли реже тийкарында, карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилмекте.

– Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстанда өмир турақлы пәтте даўам етпекте. Ең әҳмийетлиси, көрип атырған жедел илажларымыз мыңлаған ўатанласларымыз, әсиресе, шыпакерлердиң пидәкерлик хызмети, өз ўазыйпасына садықлығы себепли өзиниң жақсы нәтийжесин бермекте, – деди Президентимиз.

Бирақ, мисли көрилмеген дәрежеде үгит-нәсиятлаў жумысларына қарамастан, үйинде емленген ҳәм қыйын жағдайда емлеўханаға жатқарылған 40 жасар наўқас кеше қайтыс болды.

Марҳумның шаңарақ ағзаларына кеўил айтып, мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте ҳәммени ескертти. «Кеселликтиң белгилерин сездиңиз бе, тез шыпакерге мүрәжат етиң. Тәкирарлап айтаман, кеселликтиң шаңарағымызға кирип келмеўи, өзимиз ҳәм жақынларымызды бул қәўип-қәтерден сақлап қалыў, бәринен бурын, өзимизге байланыслы:»

Тилекке қарсы, карантин ҳәм санитариялық-гигиеналық талапларға бийпәрўа қарап атырған шахслар да бар. Мәселен, өткен дәўирде карантин қағыйдаларын 47 мыңға шамалас бузыў жағдайлары бақланған. Соның ишинде, 34 мың нықап тақпаў, 11 мың автотранспортта карантинге әмел етпеў жағдайлары анықланып, жәриймалар қолланылған. Ҳәттеки, 24 жағдайда жүзлеген адамларды топлап,зыяпат ҳәм мәресимлер өткерилгени анықланған.

– Пүткил дүньяның басына түскен бул қыйын сынақтан биз, Қуда қәлесе, және де күшли болып, бир-биримизге меҳримиз және де артып, әлбетте, жарқын жүз бенен өтип аламыз. Тек  тәртип-қағыйдаларға қатаң әмел етип, орынсыз албыраўшылыққа түспесек, түскинликке берилмесек, жеңис бизлердики болады.

Бул ўақтыншалық қыйыншылықлар ҳәм машқалалар, әлбетте, өтип кетеди. Пәк нийетли, диянатлы, сабыр-тақатлы, уллы халқымыз бенен еле көплеген жақсы күнлерди көремиз, көплеген той-тамашаларды ҳәм салтанатларды биргеликте белгилеймиз, алдымызға қойған мақсетлеримизге әлбетте жетемиз, – деди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Коронавирус пандемиясы дүнья мәмлекетлеринде азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарындағы сиясат ҳәм илажлар жетерли емеслигин айқын көрсетти.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда азық-аўқат өнимлерине болған ишки талапты толық тәмийинлеў, халықтың дәраматларын ҳәм абаданлығын арттырыў ушын үлкен резервлер менен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.

Буның ушын барлық фермер ҳәм дийқанлар, кластерлер карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өзиниң атызында, халық болса қыйтақ жеринде бәҳәрги егис жумысларын даўам еттириўи керек. Болмаса, ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў қыйын болатуғыны ҳәммеге белгили.

Сонлықтан, соңғы жылларда халық қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўы бойынша бир қатар қарарлар қабыл етилди, айырым нызамларға өзгерислер киргизилди. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, оның аймақлық бөлимлери, мәкан пуқаралар жыйынларында қыйтақ жер менен шуғылланатуғын өз алдына орынбасар лаўазымы енгизилди.

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди. Халыққа туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, хызметлер көрсетиў бойынша 244 «Қыйтақ жер хызмети» кәрханасының жумысы жолға қойылды. Қыйтақ жерде жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 350 миллиард сум ажыратылып, Фермерлер кеңеси жанында қор шөлкемлестирилди.

Бир сөз бенен айтқанда, халыққа жәрдем ететуғын, материаллық ресурслар жеткерип беретуғын ҳәм қаржыландыратуғын жаңа система жаратылды.

Видеоселектор мәжилисинде усы системадан нәтийжели пайдаланып, қыйтақ жерлерде өнимдарлықты арттырыў бойынша қосымша ўазыйпалар белгиленди.

 

 

Қыйтақ жерден жоқары өним ҳәм дәрамат алып атырған искер инсанлардың тәжирийбесин кеңнен енгизиў керек екенлиги атап өтилди. Мысал ушын, Асака, Алтынкөл, Наманган, Уйчи, Ангор, Жарқорған, Китоб, Тойлоқ, Самарқанд, Янгийўл, Зангиата, Алтыарық, Кува сыяқлы районлардағы көпшилик қыйтақ жерлерден 2-3 мәрте өним алынып, бир шаңарақ 8-10 сотих егислик жеринен орташа 50-60 миллион сум, айырымлар болса 100 миллион сум дәрамат алмақта.

Бирақ ҳәмме жерде де бундай емес. Самарқанд, Қашқадәрья, Хорезм, Бухара, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларында қыйтақ жерлерге егин егиў жумысларының жуўмақланбағаны айрықша атап өтилди.

Жуўапкерлерге бундай шаңарақлар менен бирме-бир ислесип, қыйтақ жерлерине базарға қолайлы егинлер егилиўин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиз быйылғы қыйын жағдайды есапқа алып, барлық қыйтақ жерлерде 2-3 мәрте егин егиў ҳәм қосымша өним алыў ушын биринши дәрежели ўазыйпа болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Шаңарақларда ықшам ыссыханалар қурыў да мүмкин. Бүгинги күнде қыйтақ жерлерде жәми 4 мың гектар жеңил конструкциялы ыссыханалар болып, оларда жылына үш мәрте өним алыўды жолға қойыў мүмкин.

Бирақ, көплеген районларда бул мәселеге жетерли итибар берилмей атырғанлығы атап өтилди. «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир сектор аймағында кеминде 100 шаңарақта 1-1,5 сотихтан ыссыханалар шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Қыйтақ жердиң раўажланыўы, әлбетте, суўға байланыслы. Өткен жылы орынларда 233 қудық қазылып, 4,5 мыңнан аслам шаңарақтың суў тәмийнаты жақсыланған еди. Ҳәзирги күнде болса Жондор, Шофиркон, Бахмал, Фориш, Ғўзор, Чироқчи, Нурата, Қушработ, Ургут, Хавас, Бекабад, Ёзовон, Қўшкўпир сықлы районлардың көпшилик аўылларында суў тәмийнаты қыйын болып қалмақта.

Сонлықтан, Фермер, дийқан жожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ҳәкимлер менен биргеликте суў тәмийнаты жақсы болмаған мәҳәллелерде артезиан қудықлар қазып, өнимдарлықты арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Аўыл хожалығында ўақтынша пайдаланылмай атырған жерлерди өзлестирип, кем тәмийинленген шаңарақларды бәнт етиў бойынша система жақсы нәтийже бермекте. Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында бул бағдарда 31 кооператив шөлкемлестирилип, 1 мың 600 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Бундай кооперативлердиң жумысын финанслық қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы қордан 50 миллиард сум ажыратылған.

Мәжилисте бул тәжирийбени басқа аймақларда да енгизип, кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты азайтыў бойынша тапсырмалар берилди.

Кооперативке ағза болған жумыссыз пуқараларға Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги қорынан өним жетистириў қәрежетлери ушын 24 миллиард сум субсидия ажыратылады. Кем тәмийинленген, бағыўшысы болмаған шаңарақларға мийўели нәллер, овощ туқымлары ҳәм басқа да материаллық ресурслар жеткерип бериледи.

Қыйтақ жерлерде жетистирилген өнимлерди ишки ҳәм сыртқы базарға жеткерип бериў мәселесине де итибар қаратылды.

Ҳәзирги сынаўлы дәўирде қыйтақ жерлерге егин екпеў, қараўсыз таслап қойыў елге ҳәм жерге қыянет деп баҳаланыўы керек. Соның ушын қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланбай атырған шаңарақ ийелери рәсмий ескертилиўи, оннан кейин де егин екпегенлерге жер салығы арттырылған ставкада қолланылатуғыны мәлим етилди.

Бул бойынша жуўапкер басшыларға тийисли ҳүжжетти қабыл етиў тапсырылды. Қыйтақ жерлердиң жағдайын дронлар арқалы мониторинг етиў ҳәм олардан өнимли пайдаланыў ушын ҳәр бир сектор кесиминде зәрүр илажларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

 

 

 

 

 

 

ӨзА