Әзиз дослар!

Қәдирли заманласлар!

Ең дәслеп, анық мақсетлер әтирапына жәмлесип, тыныш ҳәм абадан турмысымыз, перзентлеримиздиң бахытлы ҳәм жарқын келешеги, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолында мийнет етип атырған пидайы инсанларды, нураныйларымызды, жасларымызды, көп миллетли халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, өткен қысқа дәўир ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тараўларда алып барылып атырған реформалардың барған сайын тереңлесиўи елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан және де раўажланыўына беккем тийкар сыпатында хызмет етпекте.

Әсиресе, Нызам үстинлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылған елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири саналады.

Бунда әлбетте, Конституция ҳәм усы тийкарда қабыл етилген нызамлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер турмысымызда айрықша орын ийелейди.

Бәршеңизге мәлим, бизиң Конституциямыз – бул республикамыздың ҳуқықый демократиялық раўажланыў тийкарларын жаратыў менен бирге, онда жасаўшы инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик уйымлардың хызметлерин тәртипке салыўшы тийкарғы Нызам болып табылады.

Мине, өткен жыллар ишинде экономикамыздың жедел пәтлер менен раўажланыўы, оның және де беккемлениўи, халқымыздың социаллық жасаў шараятларының жылдан-жылға жақсыланыўы – бул әлбетте, тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлар нәтийжеси саналады.

Қәдирли дослар!

Ҳеш кимге сыр емес, бүгинги күнде коронавирус пандемиясы дүнья жәмийетшилигин, соның ишинде, бизиң ўатанласларымызды да үлкен қәўетерге салмақта.

Сонлықтан да бул инфекцияның елимизге кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша мәмлекетимиз тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Бул мәселе бойынша Ҳүрметли Президентимиздиң белгилеп берген ўазыйпаларын басшылыққа алыўымыз, халқымызға жоллаған Мүрәжатларынан тийисли жуўмақ шығарып, қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлардың, ислеп шығылған илажлар бағдарламаларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўимиз зәрүр.

Конституциямыз тийкарында қабыл етилген “Халықтың санитария-эпидемиологиялық қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамында белгилеп қойылғанындай, “Пуқаралар халықтың санитария-эпидемиологиялық қәўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы ҳәм де басқа пуқаралардың саламатлығын сақлаў ҳәм қолайлы жасаў орталығына болған ҳуқықлары бузылыўына себеп болатуғын ҳәрекетлерге жол қоймаўы шәрт”, екенлигин умытпаўымыз тийис.

Сондай-ақ, усындай сынақлы күнлерде орнатылған ўақтынша тәртип қағыйдаларға бойсынған ҳалда, гүллән халқымызды тийисли қәнигелер менен шыпакерлердиң мәсләҳәтлерине әмел етиўге, үйден шықпай, өзлериңиздиң ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығына қәўип салмаўға, инфекция тарқалыўына жол қоймаўға шақырамыз!

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, халық саламатлығын қорғаў, инфекция тарқалыўының алдын алыў жолында хызмет етип атырған денсаўлықты сақлаў, ишки ислер, миллий гвардия, транспорт ҳәм басқа да тараўлардың пидайы хызметкерлерине рахметлер айтамыз ҳәмде бәршеге беккем денсаўлық, шаңарақларына берекет тилеймиз!

Илайым, елимиз тыныш, халқымыз ҳәмийше аман болсын!

Қарақалпақстан Республикасы                                  Қарақалпақстан Республикасы

           Жоқарғы Кеңеси                                                                 Министрлер Кеңеси