9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы

Конституциясы қабыл етилген күн

 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы алғы сөзинен баслап, ақырғы статьясына шекем ғәрезсизлик, адамгершилик, тыныш-татыўлық, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлери, теңлик сыяқлы бир қатар идеяларды өз ишине алады.

Конституцияда Қарақалпақстан халқының демократия, инсан ҳуқықлары ҳәм социаллық әдиллик идеяларына садықлығы жәрияланған. Демократия улыўма тән алынған инсаныйлық принциплерине тийкарланады. Инсанның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқары қәдириятлар есапланатуғыны Конституцияның 13-статьясында белгилеп қойылған. Конституциямыздың ҳәр бир статьясы инсан ушын, оның материаллық ҳәм руўхый талап және мүтәжликлерин, мәплерин қанаатландырыў, халқымыздың гүллеп-жаснаўы ушын хызмет етеди.

Тийкарғы нызамымыз халық мәпи ушын хызмет етип, ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып, «халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги» деп көрсетилген. Халық сайлаўлар арқалы ўәкилликли мәмлекетлик ҳәкимиятты қәлиплестиреди. Бундағы мақсет халқымыздың белсендилигин, сиясий ҳәм ҳуқықый санасын көтериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларымыздың нәтийжелилигин тағы да арттырады.

Тийкарғы нызамымыздың 18-статьясында Қарақалпақстан Республикасының барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға және еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм социаллық жағдайының айырмашылығына қарамастан нызам алдында теңлиги айрықша белгилеп қойылған.

Сондай-ақ, Конституциямыздың 9-бабында пуқаралардың экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықлары белгиленген болып, ҳәр бир адам меншик ҳуқықына ийе екенлиги, мийнет етиў, жумысты еркин таңлап алыў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў, жалланып ислеп атырған барлық пуқаралар дем алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген. Буннан тысқары ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан, сондай-ақ, бағыўшысынан айрылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққындағы нормалар белгиленген.

Халық ҳәм инсан мәплерин гөзлеў, оның материаллық ҳәм руўхый талапларын жәмийет раўажланған сайын толығырақ қанаатландырып барыў, әсиресе, жеке ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм миннетлерин әмелге асырыў, кепиллигин орнатыў ҳәм оны қорғаў Конституцияның бас мақсети болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген конституция есапланады. Ол тарийхта сыналған улыўма инсаныйлық қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет суверенитетин, нызамлардың үстинлигин, демократияны, социаллық әдилликти, ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин өз ишине алады.

Улыўмаластырып айтқанымызда, Конституция базар қатнасықларына өтиўде жеке мүлк қатнасықларын қәлиплестириў, көппартиялылық, сиясий плюрализм, пуқаралық тынышлықты, ҳәкимиятлар бөлиниўи, улыўма демократиялық-ҳуқықый мәмлекет қурыў нормаларын жәмлеген.

9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн менен бәршени қутлықлап, бүгинги сынаўлы күнлерде ҳәр биримизден талап етилип атырған қағыйдаларды сақлап, үйде қалып, жақсы нийетлеримиздиң иске асыўына үлес қосыўыңызды тилеймен.

 

А.Сейтанов,

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.