ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, 2020-жыл 7-апрель саат 17:00 ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслар саны 16 адамды қурамақта.

 

Кеселликти жуқтырғанлар арасында дәслепки наўқас пенен бирге жумыс ислейтуғын ер адам бар екенлиги ҳаққында хабар берилген еди. Соңғы тексериўлер нәтийжесине муўапық, оның 5 шаңарақ ағзасында, яғный анасы, ҳаялы ҳәм 3 перзентинде вирус анықланған.

Ҳәзирги ўақытта наўқасланғанлар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың жағдайы орташа дәрежеде.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.