Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы дизимге алынған жағдайлар саны 504 ке жетти. Наўқаслардан 212 си ер адам, 292 адам ҳаял-қызлардан ибарат. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Наўқаслардың жас категориясы:

 

0-9 жасқа шекемгилер – 20 адам (4%);

10-19 жасқа шекемгилер – 29 адам (5,8%);

20-29 жасқа шекемгилер – 84 адам (16,7%);

30-39 жасқа шекемгилер – 132 адам (26,2%);

40-49 жасқа шекемгилер – 137 адам (27%);

50-59 жасқа шекемгилер – 72 адам (14,3%);

60-69 жасқа шекемгилер – 22 адам (4,4%);

70-79 жасқа шекемгилер – 7 адам (1,4%);

80 жастан жоқары болғанлар 1 адам (0,2%)ды қурамақта.

 

Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясына шалынған 194 наўқас Ташкент қаласында емленбекте. Сондай-ақ:

 

Қарақалпақстан Республикасында – 16;

Әндижан ўәлаятында – 61;

Бухара ўәлаятында – 84;

Наманган ўәлаятында – 51;

Ферғана ўәлаятында – 70;

Хорезм ўәлаятында – 18;

Қашқадәрья ўәлаятында – 6;

Наўайы ўәлаятында – 2;

Самарқанд ўәлаятында – 1;

Жиззақ ўәлаятында – 1 адам аймақтағы жуқпалы кеселликлерге қәнигелескен емлеўханаларда емленбекте.

 

Усы орында айтып өтиў керек, лаборатор анализлер нәтийжесинде кеселлиги анықланған пуқаралар турақлы дизимге алынған жерине қарамастан карантинде болған аймақтағы қәнигелескен медициналық мәкемелерге емлеў ушын жиберилмекте.

 

Ҳәзирги ўақытта медицина хызметкерлери тәрепинен наўқасларға халықаралық стандартлар тийкарында емлеў илажлары алып барылмақта.

 

Усы күнге шекем 30 наўқас усы кеселликтен толық емленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.