Мәмлекетимиздеги бүгинги жағдай барлық шөлкемлер ушын да үлкен жуўапкершиликти жүклейди, аўызбиришиликте жумыс ислеўди, бир-биримизди қоллап-қуўатлаўды талап етеди.

Усындай жағдайда Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги халыққа қолайлықлар жаратыў бағдарында қандай илажларды әмелге асырмақта?

Бүгин турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министриниң орынбасары Назиржон Назиров «UzReport TV» телеканалында өткерилген онлайн брифингте бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

– Карантин шараятында Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги қарамағындағы аймақлық коммуналлық хызмет көрсетиў басқармалары, суў ҳәм ыссылық тәмийнаты кәрханалары турақлы жумыс алып бармақта, – деди Н.Назиров. – Халыққа коммуналлық хызмет көрсетиў, ишимлик суўы ҳәм ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ушын барлық илажлар көрилген. Суў тәмийнаты кәрханалары күшейтилген жумыс режимине өткерилген. Республикамызда 45 суў тазалаў, 10570 суў алыў, 477 топардағы суўды алыў, 1000 нан аслам суў бөлистириў имаратында ишимлик суўы хлор ямаса ультрафиолет нурлары менен зыянсызландырылмақта. Ишимлик суўы халыққа гигиена талапларына сәйкес түрде жеткерип берилмекте.

Мәмлекет бойынша 196 мың ишимлик суўының үлгилери алынатуғын қадағалаў шақапшасы шөлкемлестирилген. Суў тәмийнаты имаратлары, санитариялық қорғаў зоналары турақлы бақлаўда. Ишимлик ҳәм ақаба суўларды зыянсызландырыў ушын зәрүр шийки зат жетерли. Соның ишинде, 170 тоннадан аслам суйық хлор ҳәм гипохлорид топлап қойылған.

Орайласқан системаға жалғанбаған елатлы пунктлерди таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси де талап дәрежесинде шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, 1735 узақтағы елатлы пунктке, 1100 ден аслам социаллық объектке таза ишимлик суўын жеткериў мақсетинде 2 мыңға шамалас арнаўлы техника тартылған.

Министрлигимиздиң сайты, социаллық тармақлардағы бетлеримизде ишимлик суўы, канализация системалары менен байланыслы жүзеге келиўи мүмкин болған түрли жағдайларда барлық аймақларда шөлкемлестирилген диспетчерлик хызметлери ҳәм нәўбетши авариялық топарлардың телефон номерлери жәрияланған. Ишимлик суўы тәмийнаты бойынша жүзеге келген машқалалар бойынша министрликте шөлкемлестирилген «1184» қысқа номерли телефонға мүрәжат етиў усыныс етиледи.

Карантин ўақтында тийисли шөлкемлер менен биргеликте көп қабатлы турақ жайларды, оларға тутас аймақларды дизенфекциялаў илажлары да көрилмекте.

Усы күнлерде халқымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ишимлик суўы, ақаба суў ҳәм ыссылық тәмийнаты кәрханалары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлерге кешиктирилген төлемлер ушын жәрийма ҳәм пенялар енгизилмейди. Қарыздар тутыныўшылар бойынша судларға даўа арзалары киргизилмейди. Тутыныўшылар суў ҳәм канализациялар тармақларынан үзилмейди.

 

Насиба Зиёдуллаева таярлады, ӨзА