Сүмелек тилеги

Дәм, дәм болсын, дәм болсын,

Телеклер толы дән болсын,

Буўдайымыз писик болсын,

Тәңирим өзи яр болсын,

Отымыз қызғын болсын,

Сүмелегимиз қызыл болсын,

Сүмелектен дәм татқанның,

Өмир жасы узын болсын,

Периштелер қолласын,

Пийрим Патпа қолласын,

Жети мама нәпеси тийип,

Алла исимизди оңласын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

***

Дәм, дәм болсын, дәм болсын,

Дәстурханда нан болсын,

Буўдайымыз болық болсын,

Телегимизде дән болсын,

Сөздиң басы ақ болсын,

Сүйгенимиз Ҳақ болсын,

Сүмемиз нәрли болсын,

Сүмелегимиз дәмли болсын,

Майсамыз жасыл болсын,

Муратымыз ҳасыл болсын,

Мәлеклер өзи қолласын,

Мамалар өзи қорғасын,

Ата-бабалар желеп-жебеп,

Алла исмизди оңласын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

***

Дәм, дәм болсын, дәм болсын,

Жәмиямыз жәм болсын,

Буўдайымыз болық болсын,

Ырысқымыз толық болсын,

Қолымыз алық болсын,

Сүмелек қызылланып,

Жүзимиз жарық болсын,

Асымыз ас болсын,

Ас ийеси халық болсын,

Алланың нәзери түсип,

Асханаға халық толсын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

Қарақалпақстан хабар агентлиги