Италияда корновирусқа шалынған наўқаслардың ҳәр жигирмасынан биринде өлимшилик жағдайы жүз бермекте, делинеди РИА Новости таярлаған статистикалық мағлыўматта.

Өткен екшемби күни Италияда коронавирустан қайтыс болғанлардың саны 366 адамға жетти. бул елимиздеги жәми кеселленгенлердиң 4,96 процентин қурады.

Ең көп өлимшилик АҚШта да бақланбақта. Бул жерде 472 адам коронавирус пенен кеселленген болса, олардың 19ы өмир менен хошласқан  (4,03 процент). Үшинши орында Қытай  (3,83 процент), төртинши орында Иран (2,96 процент) бармақта.

Коронавирусқа шалынғанлардың арасында ең көп өлимшилик жағдайы Қубла Кореяда атап өтилген. Бул елде вирусқа шалынғанлардың 0,68 проценти қайтыс болған.

Және бир статистика: халықтың санына салыстырғанда вирус пенен ең көп кеселлениў жағдайы Қубла Кореяда бақланбақта. Бул жерде вирусты жуқтырыў жағдайы ҳәр миллион адамға 142,1 адамға туўра келеди.

Екинши орында Италия (121,9 адам) бармақта. Үшинши орын Иранға (80,9) берилди.Коронавирус ең көп тарқалған қытай болса, бул көрсеткиш бойынша төртинши орында бармақта (58,3).

Коронавирусты жуқтырыў жағдайы кейинги ўақытта Швейцария (39,3) ҳәм Норвегия (31,5) еллеринде де жүдә көп атап өтилмекте. Европаның қалған еллеринде жағдай дерлик бирдей, делинеди бул хабарда.

 

ӨзА