Бул распа? Енди оқыўшылар ушын сондай имканият берилеме? Ямаса ақша табыўдың жаңа жолыма?

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Халық Билимлендириў министрлигинен мәлим етиўинше, бундай «баслама» ҳаққында олардың хабары жоқ.

Социаллық тармақта «Mening Yurtim» каналының «Марказий студия» бағдарламасында «Енди билимлендириў мәкемесине оқыўшылар мектеп формасында келиўи шәрт емес. Оның ушын 2,23 миллион сум төленсе болды» мазмунындағы көрсетиў берилди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2018-жыл 15-августтағы «Мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелериниң оқыўшыларын заманагөй мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 666-санлы қарары менен мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары ушын заманагөй бирден-бир мектеп формасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланған болып, усы Режеде оқыўшының сыртқы көринисине болған талаплар келтирип өтилген.

Барлық ата-аналар ҳәм олардың орнын басатуғын шахслар оқыў жылы басында усы талаплар менен таныстырылып, оқыў жылы даўамында өз перзентиниң Реже талапларына сай түрде улыўма билим бериў мектеплерине келиўин тәмийинлеўге жуўапкер болып есапланады.

 

ӨзА