Кейинги жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм абырайын және де арттырыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәселелерине айрықша әҳмийет берилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў» бойынша Кәсиплик аўқамлары федерациясы жуўапкершилигинде дүзилген Республикалық Жумысшы топары әне усындай итибар ҳәм ғамхорлықтың және бир әмелий көриниси болды.
Жумысшы топар тәрепинен ҳәзирги күнге шекем Сырдәрья, Жиззах, Самарқанд, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларында жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалалары ҳәр тәреплеме үйренилди. Бул процессте оларға әмелий жәрдем көрсетиў менен бирге, бар машқалалар ҳәм кемшиликлерди шешиў бағдарында районлар және қалалар бойынша «Комплексли илажлар бағдарламалары» ислеп шығылды. Бул бағдарламалар парламентимиздиң жоқары палатасы – Сенат, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм ўәлаятлық ҳәкимликлериниң қатнасыўында тастыйықланып, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
Жумысшы топардың орынларда ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық шараятларын үйренип, анықланған машқалаларды тез шешиўди тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясында күни-түни жумыс ислейтуғын 12-11 қысқа-санлы «Исеним телефоны», яғный «КОЛЛ-ЦЕНТР» иске түсирилди.
Бул орай толық ҳәм тез хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде барлық зәрүр үскенелер, заманагөй байланыс ҳәм коммуникация қураллары, тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинленди.
Халық пенен қарым-қатнастың және бир нәтийжели қуралы болған «Исеним телефоны» арқалы мәмлекетимиздиң түрли аймақларында, алыс ҳәм шетки аўылларда жасап атырған ҳаял-қызлар өз машқалалары бойынша қәлеген ўақытта мүрәжат етиўи мүмкин. Мүрәжатларда көтерилген мәселелер ҳәр тәреплеме талланып, оларды шешиў бойынша тийисли министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте системалы жумыслар алып барылады. Ең әҳмийетлиси, мүрәжатлардың орынланыўы Республикалық Жумысшы топардың турақлы қадағалаўында болады.
ӨзА