Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген. Бул еки мәмлекет басшыларының дослық байланысларын беккемлеў жолындағы беккем ерк-ықрарының нәтийжеси болып табылады. Өзбекстан Қытайдың коронавирусқа қарсы гүресиў ҳәм оны сапластырыў жолындағы ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлап, әмелий көмек бермекте.
Президент Шавкат Мирзиёев усы жылы 11-февральда Қытай Халық Республикасына гуманитарлық жәрдемин жибериў ҳаққындағы бийлигине қол қоған еди. 12-февраль күни Қытай Халық Республикасының Хубей провинциясына гуманитарлық жәрдеми жиберилди. Гуманитар жүк қурамында медицина бағдарындағы ең зәрүр өнимлер-бир мәртели стерилленген мелициналық қолғаплар, қорғайтуғын комбинзонлар, жүз ушын филтрлейтуғын маскалар бар еди.
Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте гуманитарлық жәрдеминиң екинши басқышы қәлиплестирилди. 3-март күни Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң дос Қытай халқына гуманитарлық жәрдеминиң екинши партиясы жиберилди.
-Өзбекстаннан Қытайға жиберилген гуманитар жүги еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежесин көрсетти. Бул мәрте республикамыздағы «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының кәрханалары тәрепинен таярланған арнаўлы медициналық кийимлер, медициналық маскалар ҳәм медициналық байламлар жиберилди,-деди Айрықша жағдайлар министрлигиниң баспасөз хызмети хызметкери Самандар Ҳикматуллаев.
Хуршид ҚОДИРОВ,
ӨзАның хабаршысы