ӨзР Инновациялық раўажланыў министриниң орынбасары О.Тўйчиев ӨзР Илимлер академиясы Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия институтының жас илимпазлары менен ушырасты.

Ушырасыўда институттың жас илимпазы Д.Исабаев Арал бойы аймағында тоғайлықларды пайда етиў мақсетинде егилген сексеўил нәллериниң нәтийжели өсиўин тәмийинлеў мақсетинде стимуляторларды 500 гектар майданға өз есабынан жеткерип бермекши екенлигин мәлим етти. Министр орынбасары О.Тўйчиев жас илимпаз Д.Исабаевтиң бул басламасы «Жаслар академиясы» тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынлығын және бул бойынша әмелий жәрдем берилиўин атап өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.