Үргенш қаласында 25-26-февраль күнлери екинши Өзбекстан – Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумы болып өтти.
Еки мәмлекет арасындағы әзелий дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, аймақлардың санаат потенциалы ҳәм имканиятлары ҳаққында өз-ара мағлыўмат алмасыў, тиккелей бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул форумда Қазақстаннан 200 ден аслам, мәмлекетимиз ўәлаятларынан 150 ге шамалас исбилерменлик топар ўәкиллери қатнасты.
Форумның биринши күни еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымларының жуўапкер хызметкерлери, аймақлардың басшылары, исбилерменлер, экономист илимпазлардың қатнасыўында мәжилислер, шегаралас аймақлардың бизнес ўәкиллериниң ушырасыўлары ҳәм Өзбекстан ҳәм Қазақстанда ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Илажлар шеңберинде бир қатар саўда-инвестициялық шәртнамалар, аймақлараралық қатнасықларды раўажландырыў бойынша келисимлерге қол қойылды.
26-февраль күни Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Маминниң қатнасыўында ҳүкиметлераралық делегациялардың ушырасыўы болып өтти.
А.Арипов соңғы жылларда мәмлекетлеримиздиң басшылары арасындағы дослық қатнасықлар еки тәреплеме байланыслардың сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилиўине тийкар жаратқанын, бүгинги күнде Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўи көплеген тараўларда, соның ишинде, саўда-экономикалық бағдарда жедел раўажланып атырғанын атап өтти.
Асқар Мамин бул форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтип, дәстүрий миймандослық ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди. Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев ҳәм Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен турақлы өткерилип атырған аймақлараралық бирге ислесиў форумын мәмлекетлеримиз байланысларының жеделлесиўине үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Биринши форум 2018-жыл ноябрь айында Шымкент қаласында өткерилген еди. Онда ерисилген келисимлер бүгинги күнде өз нәтийжелерин бермекте.
Экономиканың жетекши тараў ҳәм тармақларындағы байланыслар жеделлескени себепли мәмлекетлеримиздиң өз-ара саўда көлеми 2019-жылы дерлик еки есе өсип, 3,3 миллиард доллардан артты. Еки мәмлекет басшылары тәрепинен ҳүкиметлерге усы жылы өз-ара саўда көлемин 5 миллиард долларға, жақын жылларда 10 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Буның ушын мәмлекетлеримизде жетерли потенциал бар.
Өзбекстан – Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумы саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм коммуникация, аўыл хожалығы, туристлик, билимлендириў тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, аймақлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Өткен бир жылдан аслам ўақыт даўамында мәмлекетлеримиз ўәлаятларының басшылары арасында тиккелей байланыслар жеделлескени, ўәлаятлар делегацияларының 12 өз-ара сапары әмелге асырылғаны оған айқын мысал. Нәтийжеде аймақлар арасындағы саўда көлеми 40 процентке артты.
Екинши Өзбекстан – Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде өткен ҳүкиметлер делегацияларының ушырасыўында мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық тараўда қоспа жойбарларды әмелге асырыў, аймақлар арасында тиккелей байланысларды кеңейтиў, бажыхана, энергетика, суўдан пайдаланыў, транспорт-транзит сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды. Сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасының Бас министри Абулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин екинши Өзбекстан – Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумының жуўмақлаўшы декларациясына қол қойды. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасында уйымлараралық ҳәм аймақлараралық дәрежедеги 16 ҳүжжет қабыл етилди.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриклери, Саўда-санаат палатасы, «Өзавтосанаат» ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Бухара, Хорезм, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери, Қазақстанда Саўда ҳәм интеграция, Миллий экономика министрликлери, Манғыстаў, Қызыл Орда, Ақтөбе, Қостанай, Түркстан ўәлаятлары, Шымкент қаласының ҳәкимиятлары арасында тийисли ҳүжжетлер қабыл етилди.
Қазақстан ҳүкимети басшысы Асқар Мамин Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте сол күни ески Хийўа қаласын тамашалады.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
Аҳмаджон ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршылары