Литва Сейми спикериниң орынбасары Ирена Шяулене басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып турыпты.
Делегация ағзалары 26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Б.Алихонов пенен ушырасты.
Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм экономикалық тараўларды модернизациялаўда парламентлик ҳәм сиясий партиялардың ролин және де күшейтиў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы сырт мәмлекетлердиң парламентлери менен байланысларды күшейтиў үстинде жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, парламентлераралық дослық топарларының жумысы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Өзбекстан-Литва парламентлераралық бирге ислесиўи де барған сайын кеңейип бармақта. Сәўбетлесиў алдында мийманларға мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар бойынша мағлыўмат берилди. Нызамшылықтағы жаңалықлар, суд-ҳуқық системасын реформалаў, экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарларында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикир алысылды. Өзбекстан парламентине өткен жылы болып өткен сайлаўлар, оның нәтийжелери айрықша аталып өтилди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан менен Литва арасында 33 ҳүжжетке қол қойылған болып, олар еки мәмлекеттиң байланысларын раўажландырыўға хызмет етпекте.
Ушырасыўда тәреплер парламентлераралық бирге ислесиў перспективалары, саўда, инвестиция, денсаўлықты сақлаў, инновация ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин додалады.
Келешекте парламентлердиң бирге ислесиўи бойынша топарлардың жумысын жетилистириў мәселелерине итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2013-жылда Литва Сейминде шөлкемлестирилген Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Литва парламенти менен бирге ислесиў бойынша топар жумыс алып бармақта.
– Литва – Өзбекстан бирге ислесиўи кейинги жылларда избе-из раўажланбақта, – деди Литва Сейми спикериниң орынбасары Ирена Шяулене. – Бул бирге ислесиўди беккемлеўде парламентлераралық байланыслар үлкен әҳмийетке ийе. Ушырасыўда биз тек нызам дөретиўшилиги бойынша емес, ал парламент комитетлери менен қатнасықларды және де беккемлеў бойынша пикир алыстық. Усы жерде билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў де избе-из жолға қойылып атырғанын атап өтиў керек. Делегациямыз сапар етиў шеңберинде «Билимлендириў ҳәм карьера» халықаралық көргизбесинде қатнасты. Сондай-ақ, Литва ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында меморандумларға қол қойылды. Биз экология, қоршаған орталықты қорғаў тараўларында да өз-ара байланысларды кеңейтиў нийетиндемиз.
Делегация ағзалары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларды жоқары баҳалап, Президентимиздиң барлық тараўларды қамтып алған ақыллы стратегиясын айрықша атап өтти.
Ушырасыўда саўда-экономикалық қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық байланысларды беккемлеўде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди тәмийинлеў мәселелери ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.
Литва делегациясы, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң бир қатар министрликлери менен уйымларында болып, еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
Н.НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы