Хорезм ўәлаятында өтип атырған Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасында екинши аймақлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде еки мәмлекет ҳүкимет басшылары қатнасыўындағы ҳүкиметлераралық делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

Илажда мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм коммуникация, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў тараўларындағы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, аймақлар арасындағы өз-ара бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, аймақлараралық ҳәм шегаралық бирге ислесиў, бажыхана, энергетика, суўдан пайдаланыў сыяқлы бағдарлар бойынша өз-ара байланысларды раўажландырыў перспективалары көрип шығылды. Транспорт-транзит бағдарында пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында уйымлараралық, экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққындағы өз-ара түсинисиў меморандумлары, Протокол, Келисим, сондай-ақ бар келисимлерди әмелге асырыў бойынша Илажлар режеси көринисиндеги 15 тен аслам ҳүжжет қабыл етилди.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде Өзбекстаннан Экономика ҳәм санаат, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери, Саўда-санаат палатасы, «Өзавтосанаат» ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Бухара, Хорезм, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери, Қазақстаннан  Саўда ҳәм интеграция, Миллий экономика министрликлери, Манғыстаў, Қызыл Орда, Ақтөбе, Қостанай, Түркстан ўәлаятлары, Шымкент қаласы ҳәкимиятларының ўәкиллери тәрепинен бирге ислесиў ҳаққындағы тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.

2.JPG

Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министри Асқар Мамин Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасында II аймақлараралық  бирге ислесиў форумының жуўмақлаўшы декларациясына қол қойды.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ, Аълохон АБДУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА