Пайтахтымызда «Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың жаңа басқышы, мәмлекетти демократиялық модернизациялаўда парламент ҳәм ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў» темасында халықаралық әнжуман болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Президентимиздиң парламентке Мүражатында айтып өтилген тийкарғы ўазыйпалар, аймақлардың мәплерин тәмийинлеў, реформалардың орынларға жетип барыўын қадағалаў, бул бағдарда жергиликли Кеңеслердиң белсендилигин арттырыў бойынша пикирлерин билдирди.
-Жәмийетте қәлиплесип атырған ашық-айдынлық, жәриялылық принциплери мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўды талап етпекте,-деди Т.Норбоева.-Реформалар, бәринен бурын, халық мәплерин тәмийинлеўи керек. Бул процессте атқарыў уйымларының жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли болып есапланады. Сонда реформалардың нәтийжеси халқымызға жетип барады. Жергиликли Кеңеслердиң белсендилигин арттырыў да бүгинги күнниң талабы екенин ҳеш ким бийкарлай алмайды. Бул институт орынларда парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды толық жолға қойыўы атқарыў уйымларының нәтийжели ислеўине түртки болады. Ҳәзирги күнде усы институттың өз орнына ийе емеслиги орынларда машқалалардың тамыр жайыўына, жергиликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен қопал нызам бузыў жағдайларына жол қойылыўына, халықтың машқалалар арасында қалыўына себеп болып атырғаны сыр емес. Бүгин Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли Кеңеслерге сайланған 6 мың 570 депутат пенен тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыў механизмлери ислеп шығылды. Депутатлардың потенциалын арттырыў бойынша турақлы ислейтуғын арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестирилди.
Халықаралық әнжуман мәмлекетте реформалар процесин және де жеделлестириў, билимлендириў, илим, инновациялар ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў ўазыйпаларын мәнзилли шешиў процесинде парламенттиң нәтийжелилигин ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының белсендлигин тәмийинлеўдиң тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
-Өзбекстанда 2017-жылдан берли алып барылып атырған реформалар, өзгерислер динамикасы барған сайын өсип бармақта. Фондымыз барлық реформаларды қоллап-қуўатлайды. Өзбекстан Орайлық Азияда стратегиялық жақтан әҳмийетли мәмлекет болып есапланады. Бул демократиялық реформалар Өзбекстанның және де раўажланыўына, конструктивлик сыртқы сиясат алып барыўына, және де либералласыўына тийкар жаратады. Президент Шавкат Мирзиёев Мүражатта парламентке жоқары исеним билдиргени, алып барылып атырған реформаларды турақлы түрде раўажландырыў бойынша анық мақсетли ўазыйпалар белгилеп бергени итибарға ылайық, деп ойлайман,-деди Конрад Аденаур атындағы фондтың Орайлық Азиядағы ўәкилханасының басшысы Ронни Хайне.
Қатнасыўшылар Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүражатында алға қойылған басламаларды әмелге асырыў механизмлерин додалады. Конференцияның биринши сессиясы мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы әҳмийетли мәселелерди шешиўде парламент ҳәм ҳүкиметтиң ўәкилликли уйымларының роли, атқарыў ҳәкимиятының жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў мәселелерине бағышланды.
-Турақлы раўажланып атырған социаллық базар экономикасына тийкарланған демократиялық мәмлекет қурыўда парламенттиң ролин және де арттырыў бас өлшем болып есапланады,-деди Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев.-Жедел экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ушын болса заманагөй сиясий структура-нызам үстинлиги керек. Мәмлекетлик ҳәкимияттың халық алдындағы жуўапкершилиги оның жумысының ашық-айдынлығы болып табылады. Оған ерисиў болса, биринши гезекте, халық ўәкиллериниң жумысы менен байланыслы. Бул, өз гезегинде, ҳүкимет ҳәм жәмийет арасында социаллық исенимди қәлиплестириў факторы болып табылады. Алдымызда турған әҳмийетли ҳәм қыйын ўазыйпа нызам үстинлиги тараўындағы жумысларды пүткиллей жаңадан шөлкемлестириўден ибарат. Нызам дөретиўшилигинде тийкарғы итибарды нызамлар халық мәплерин қаншелли сәўлелендириўине қаратыў керек. Нызамды қабыл етиўде тараў қәнигеси дәрежесиндеги билимге ийе болыў, жетик экспертлердиң пикирине сүйениў керек.
Илажда сиясий системаны модернизациялаў шараятында парламентлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў мәселеси қатнасыўшылардың дыққат орайында болды. Бул бағдарда халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен Олий Мажлис арасында нәтийжели бирге ислесиўди әмелге асырыў ушын жергиликли Кеңес депутатлары ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң аймақлық бөлимлериниң хызметкерлери ҳәм экспертлеринен ибарат турақлы жумыс алып баратуғын ўәлаят ҳәкими тәрепинен тастыйықланатуғын мониторинг топарын дүзиў, быйылғы жылғы тастыйықланатуғын Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша турақлы мониторинг илажларын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Олий Мажлис Сенаты, Нызамшылық палатасы, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм Германияның Конрад Аденаур фонды Орайлық Азиядағы ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген халықаралық әнжуманда сенаторлар, депутатлар, жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары, министрликлер менен уйымлардың, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери, Өзбекстан Республикасындағы дипломатиялық миссиялар, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, жетекши консалтинг компаниялардың басшылары қатнасты.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы