Социаллық тармақларда «UzAuto Motors» компаниясы жаңа типтеги «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлериниң баҳасы көтерилгенлиги ҳаққында мағлыўматлар пайда болды. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабар берди.
Компанияның мәлим етиўинше, 2020-жылдан баслап «UzAuto Motors» тәрепинен ислеп шығарылып атырған жаңа комплектациялардағы «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлери жәҳән стандартларына байланыслы техникалық регламентке әмел ете отырып, айырым қосымша опциялар менен үскенеленбекте.
«Сол себепли, усы опциялардың белгиленген баҳасы автомобиль баҳасына қосымша сыпатында қосылған. Яғный автомобиль баҳасы өз-өзинен емес, қосымша опция орнатылғаны ушын бираз көтерилген. Бул жағдай дилер ҳәм қарыйдар арасында дүзилетуғын шәртнаманың 2.4-бәнтинде де келтирип өтилген», – деп жазылған хабарда.
Атап өтилиўинше, шәртнама шәртлерине муўапық, қосымша опциялар киргизиў менен байланыслы түрде автомобиль (товар) баҳасы өзгерген жағдайда қарыйдар өз қәлеўине қарай төленген төлем суммасын қайтарыў шәрти менен товарды қабыллап алыўдан ўаз кешиўи, баҳасындағы парқты төлеўи ямаса товарды жеткерип бериў мүмкин болған басқа модель және модификациядағыға алмастырыўды талап етиў ҳуқықына ийе.
«UzAuto Motors» қосымша опциялар, олардың түри ҳәм баҳасы бойынша толық мағлыўмат келтирилген кестени жәриялады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.