Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, соңғы бир жыллықта қайтыс болғанлардың 60,3 проценти – жүрек-қан айланыс системасы кеселликлеринен, 10,0 проценти – қәўипли исиклерден, 6,3 проценти – бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан, 5,5 проценти – аўқат сиңдириў ағзалары кеселликлеринен, 4,2 проценти – дем алыў ағзалары кеселликлеринен, 1,4 проценти – жуқпалы ҳәм паразитлер кеселликлеринен ҳәм 12,3 проценти – басқа кеселликлерден қайтыс болған.

Жүрек-қан айланыс системасы кеселликлерине инфаркт, стенокардия, миокардит, инфекциялық эндокардит, туўма ҳәм арттырылған жүрек жетиспеўшиликлер сыяқлы кеселликлер киреди.

Дизимге алынған 1 жасқа шекемги қайтыс болған балалардың саны 7,4 мыңды қурап, олардың 58,5 проценти – перинаталь дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлардан, 18,7 проценти – дем алыў ағзалары кеселликлеринен, 11,8 проценти – туўма аномалиялардан, 2,7 проценти – жуқпалы ҳәм паразитлер кеселликлеринен, 1,9 проценти – бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан, 0,8 проценти – аўқат сиңдириў ағзалары кеселликлеринен ҳәм 5,6 проценти – басқа кеселликлерден қайтыс болған.

Снимоксв.PNG

ӨзА