2020-жыл 17-февраль күни Өзбекстанның Қырғызстандағы Елшиханасы мәжилислер залында Президент Шавкат Мирзиёевқа «Ала-Тоо Айимдари» («Ала-Таў ханымлары») экологиялық ҳәрекети тәрепинен «2019-жыл адамы» атағының берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Республика басшыларының тапсырмасына бола арнаўлы сыйлық ҳәм диплом қабыл етиў ушын Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов Бишкек қаласына барды. Илажда «Ала-Тоо Айимдари» ҳәрекети президиумы ағзалары, СССР халық артисти Кайиргул Сартбаева ҳәм халық жазыўшысы Гулсайра Моминова, Қырғызстан ҳүкимети, парламенти ҳәм регионаллық администрацияларында жоқары лаўазымларда жумыс ислеген қырғыз ҳәм өзбек жәмийетшилигиниң абырайлы ўәкиллери, Өзбекстандағы бурынғы қырғыз дипломатлары, сондай-ақ, Сыртқы ислер министрлиги, жетекши электрон ҳәм баспа типографиялар, орайлық радио ҳәм телевидение каналларының ўәкиллери, ҳуқықтаныўшы экспертлер қатнасты.

Мәресимде «Ала-Тоо Айимдари» ҳәрекетиниң баслығы Жипаргул Баргибаева шығып сөйлеп, өзбек-қырғыз қатнасықларын сапа жағынан жаңа жоқары басқышқа көтерилиўи, сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлери арасында дослық, тынышлық, жақсы қоңсышылық, конструктивлик ҳәм туўысқанлық қатнасықларды жаратыў сиясаты Өзбекстан басшысы кандидатурасы таңланыўының тийкарғы себеби екенлигин атап өтти. «Ала-Тоо Айимдари» ҳәрекетиниң сыйлығы, негизинде, пүткил Қырғызстан халқының ерк-ықрарының көриниси болып есапланады.

Жипаргул Баргибаева туўысқан Өзбекстанда миллетлераралық татыўлық ҳәм этникалық азшылықлардың ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. «Этникалық қырғызлар тығыз жасайтуғын Жиззақ ўәлаятындағы Манас аўылының оғада қысқа мүддетте жаңаланыўы Қырғызстанда үлкен миннетдаршылық пенен қарсы алынды», – деди ҳәрекеттиң басшысы. Оның атап өтиўинше, Президент Шавкат Мирзиёевтиң ашық ҳәм конструктивлик сиясаты себепли еки мәмлекет арасындағы шегара мәселеси қысқа ўақыт ишинде дерлик шешилди.

Өз гезегинде Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов Өзбекстан Президенти атынан «Ала-Тоо Айимдари» ҳәрекети ҳәм ол арқалы жеке өзи туўысқан Қырғызстан халқына Өзбекстан басшысының өз-ара пайдалы өзбек-қырғыз бирге ислесиўин беккемлеўдеги хызметлери тән алынғаны ушын қызғын миннетдаршылық ҳәм терең ҳүрметин билдирди.

 

ӨзА