Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәмлекетлик мийнет инспекциясы хызметкерлерди жумыс ўақтынан тысқары ҳәм дем алыс күнлери жумыс ислетиў нызамға қайшы келетуғынын түсиндирмекте. Мәмлекетлик мийнет инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине жоллаған хатында хызметкерлерди жумыс ўақтынан тысқары ҳәм дем алыс күнлери олардың келисимисиз тийкарсыз түрде жумысқа тартыў қадаған етилетуғынын мәлим еткен.
Тармақларда тарқалған усы хаттың мазмунына бола, жумыс ўақтынан тысқары жумыслар хызметкердиң келисими менен қолланыўы мүмкин.
Мийнет кодексиниң 125-статьясында жумыс ўақтынан тысқары жумыстың мүддети ҳәр бир хызметкер ушын созылмалы еки күн даўамында төрт сааттан (мийнет шараяты аўыр ҳәм зыянлы жумысларда – бир күнде еки сааттан) ҳәм жылына бир жүз жигирма сааттан артық болмаўы керек.
Мийнет кодексиниң 130 ҳәм 132-статьяларына бола дем алыс ҳәм байрам күнлеринде жумыс ислетиў қадаған етиледи. Жумыс бериўшиниң бийлиги бойынша айырым хызметкерлерди дем алыс ҳәм байрам күнлери жумысқа тартыўға айрықша жағдайларда ғана, жәмәәтлик шәртнамада, егер ол дүзилмеген болса, жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети ямаса хызметкерлердиң басқа да ўәкиллик уйымы менен келисип белгиленген тийкарлар бойынша ҳәм тәртипте жол қойылады.
Лаўазымлы шахслар тәрепинен нызамшылық талапларының бузылыўы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына тийкарланып базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда, тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, он есесинен он бес есеге шекем, егер усы ҳуқықбузарлық жас өспиримге қарата әмелге асырылса он есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады» делинеди хатта.
ӨзА