Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен пайтахтымыздағы саўда орайларында «Street law» акциясы шөлкемлестирилди.

Акцияның тийкарғы мақсети – тутыныўшылардың ҳуқықларын қарыйдарларға түсиндириўден ибарат. Акция даўамында пуқараларға күнделикли турмыста тутыныўшы сыпатында ҳәр қыйлы өнимлерди сатып алып атырып касса ямаса товар чеклерин алыўдың әҳмийети ҳаққында түсиник берилди. Өзбекстан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызам бойынша касса ямаса товар чеклерин бермей сатыў қадаған етилгени атап өтилди.

Акция шеңберинде пуқараларға социаллық сораўлар бериў арқалы олардың пикири үйренилип, тийисли ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Мағлыўмат ушын, «Street law» – жәмийетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин үйрениў ҳәм сол арқалы пуқаралардың билим-көнликпелерин арттырыў усылы болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.