Өзбекстанда пенсия тәмийнаты солидар системада ислейди: ҳәзирги ўақытта ислеп атырғанлар есабынан пенсия жасына шыққанлар ушын пул төленеди. Бирақ, система басқышпа-басқыш өзгериўи күтилмекте, – деп айтып өткен Пенсия қорының атқарыўшы директорының биринши орынбасары Медет Тлеуов. Бул ҳаққында «Газета.uz» хабар берди.

М.Тлеуовтың мәлим етиўинше, мәмлекетте дерлик 15 миллион экономикалық белсенди пуқара болып, олардың тек 5 миллионға шамалас бөлеги салықларды рәсмий түрде төлемекте, яғный дәраматларын жасырмастан көрсетеди. Сол себепли, пенсия тәмийнаты системасы бүгинги күнде салық төлеўшилердиң қуўатлылығына үзликсиз байланысқан.

Пенсия қоры ўәкилиниң атап өтиўинше, Өзбекстанда мәмлекетлик пенсия тәмийнаты 3 басқышлы системаға алмастырылыўы күтилмекте.

– Пенсия сиясаты тек ғана бир пенсия системасына тийкарланып қалмаўы керек. Сол себепли, раўажланған еллерде ҳәр еки системадан пайдаланыўға тийкарланған 3 басқышлы пенсия системасы қәлиплести: мәмлекетлик пенсия, жыйналып барылатуғын пенсия және ықтыярлы пенсиялық қамсызландырыў, – деп айтып өткен М.Тлеуов.

«Газета.uz» бенен сөйлескен ҳүкиметтеги дәректиң атап өтиўинше, мәмлекетте пенсия жасын көтериўден басқа илаж жоқ, бирақ бул эволюциялық усылда болады.

– Еркеклерге 62, ҳаялларға 58 жасты пенсияға шығыў дәўири етип белгилеў нәзерде тутылмақта. Бирақ, өзгерис бирден ҳәммеге енгизилмейди. Ол басқышпа-басқыш, халықтың социаллық қорғалыўын ойлап, эволюциялық түрде әмелге асырылады, – деген веб-сайттың дәреги.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда мәмлекетлик пенсия системасын раўажландырыў ҳәм жаңалаў бойынша концепция жойбары усы жылдың апрель айына шекем жәрияланыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.