Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-сентябрдеги «Өзбекстан Республикасында санитария-эпидемиология хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 5814-санлы Пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында санитария-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм аймақлық басқармаларының жумыслары шөлкемлестирилди ҳәм усы  Пәрманға тийкарланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында санитария-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының бир қатар буйрықлары қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасының мәжилислер залында Басқарма ҳәм филиал жумысларын шөлкемлестириў мәселелери, алдағы ислениўи тийис болған бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпалар, исбилерменлик субъектлеринде өткерилетуғын тексериўлер тәртиби, тексериўлер барысында ис ҳүжжетлерин дурыс жүргизиў, тексериўге рухсат етилгенге шекемги таярлық жумысларын алып барыў ҳәм тараўға тийисли болған қосымша мәселелерге арналған кеңейтилген мәжлис болып өтти.

Өткерилген мәжлисте Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясы санитария-эпидемиологиялық жумысларды қадағалаўда басқа уйымлар менен бирге ислесиўди тәмийинлеў, азық-аўқатлар менен байланыслы болған кеселликлер үстинен миллий мониторинг алып барыў, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен санитария қағыйдалары ҳәм гигиеналық нормативлерге әмел етилиўинде белгиленген тәртипте тексериўлер өткериў, анықланған кемшиликлерди сапластырыўда көрсетпелер усыныў ҳәм санитария-эпидемиологиялық нызам бузылыў жағдайларын анықлаў, бул бағдарда нызам бузыўшыларға белгиленген тәртипте шаралар көриў, исбилерменлик субъектлерине қараслы халыққа турмыслық хызметин көрсетиўши, улыўма аўқатланыў кәрханалары, саўда шақапшалары, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў кәрханаларында, сондай-ақ, басқа да өндирислик объектлердиң санитариялық талапларға жуўап бериўи үстинен қадағалаўҳәм басқада тараўға байланыслы бир қатар мәселелер бойынша түсиниклер берилип өтилди.

Сондай-ақ, мәжилис барысында шөлкемлестирилип атырған Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы ҳәм республикамыздың қала ҳәм районларындағы филиалларында жаңадан тайынланған меңгериўшилери, қәнигелери мәжилис қатнасыўшыларына таныстырылып, инспекцияның басқарма ҳәм филиал жумысларын шөлкемлестириўде қабыл етилген Президент пәрманлары, тараўға байланыслы буйрықлар бойынша жақыннан мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, бул бағдарда әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша тапсырмалар белгилеп берилди. Соның менен бир қатарда тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде нызам шеңберинде яғный тексериўлерге рухсат алыў, тексериўлерди өткериў, тийисли ҳүжжетлерин жүргизиў тәртиплери ҳаққында да кең түрде түсиниклер берилди.

Өткерилген мәжлисте басқада бир қатар шөкемлестириў мәселелери қаралып тийисли қарарлар қабыл етилди.

Мәжилис қатнасыўшылары қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги