Президентимиздиң  парламентке жоллаған Мүрәжатын Қарақалпақстан Республикасы турғынлары да айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти. Биз олардың айырымларының пикирлери менен ортақластық.

Сановар ХОЖАМУРАТОВА:-Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңесиниң депутаты:

 

 

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске гезектеги  мүрәжатын айрықша қызығыўшылық пенен тамаша еттик. Мүрәжатта елимиздиң басшысы барлық тараўлар қатарында билимлендириў ҳәм жаслар тәрбиясы мәселесине тоқтап өтти.  Маған әсиресе, Президентимиздиң илим, мағрипет болмаған жерде, қалақлық, жаўызлық, тийкарғы мақсеттен шегиниў болады, деген пикирлери оғада унады.

Ҳақыйқатында да, биз жасларымыздың билимли, мағрипетли болыўы ушын өз жумысымызға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўымыз керек. Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў ушын тараўда халықаралық байланыслардың жақсы жолға қойылып атырғанлығы, қәбилетли оқыўшылар ушын Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң иске түсирилип атырғанлығы, соның менен бирге, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мектеплерди ашыў режелестирилип атырғанлығы мен де айрықша қызығыўшылық пайда етти.

Бабамыз Имам Бухарийдиң «Әмеллер нийетке қарай болады»,-деген пикирлериниң келтирилиўи тосыннан емес. Себеби, нийет дүзиў болса, халқымыздың абаданлығы, елимиздиң уллы келешеги ушын ҳәрекет етсек, әлбетте, алға қойған мақсетимизге ерисемиз.

 

Светлана СОН:-Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң директоры, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы:

 

 

Ғәрезсиз елимизде Президентимиздиң басшылығында социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахсларға, сондай-ақ, «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшыларына айрықша итибар және ғамхорлық көрсетилип келинбекте. Ҳәр жылы питкериўшилеримиздиң бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына кириўи ушын жергиликли ҳәкимликлер, мәпдар шөлкемлер менен биргеликте бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Өткен дәўир ишинде питкериўшилеримизден 43 тәрбияланыўшы турақ жай менен тәмийинленди.  Жаңа жыл байрамы алдында тәрбияланыўшымызға берилген бир турақ жайдың 39 миллион басланғыш төлеми «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры Қарақалпақстан республикасы бөлими тәрепинен  төлеп берилген болса, 18 тәрбияланыўшымызға турақ жай қурыў ушын жер майданы ажыратылды. Ҳәзир қурылыс жумыслары алып барылмақта..

Быйылғы жылы 8 питкериўшимиз жоқары оқыў орнына бакалавр бағдарына, 1 питкериўшимиз магистр бағдарына оқыўға кирди.

Мүрәжатта Президентимиз «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшыларының бәнтлигине, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине тоқтап өтти. Әсиресе, елимиз басшысының ««Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары ғамхоршысы, меҳрибаны, сүйениши мәмлекет ҳәм жәмийетимиз екенлигин сезинип жүриўлери керек,-деген пикирлери мине усы ғамхорлықтың әмелдеги көриниси болды.

 

Артур  Садуллаев:-Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти, «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ийеси:

 

 

Президентимиздиң Мүрәжатын жасларымыз да айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти. Елимиз басшысы жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыўға, мәмлекетлик грантты көбейтиў, сырт еллердиң абырайлы оқыў орынлары менен байланысларды раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылатуғынлығына тоқтап өтти.

Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы жасларының бүгинги басламаларын елимизде кең ен жайдырыў кереклиги айтылғанда бәршемизде мақтаныш сезимлерин пайда етти. Әлбетте, бул исеним биз жасларға елимиздиң айдын келешегине, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге өз үлесимизди қосыўда күш-жигер бағышлайды.

 

Сәўбетлескен Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.