Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 15–16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколы (2018-жыл 21351–xx-санлы)ның қосымшалары менен Қарақалпақстан Республикасында 2019–2020-жылларда улыўма баҳасы 11 триллион 674 миллиард 355 миллион сумлық 793 жойбар әмелге асырылыўы, солай етип 12893 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
Буның барлығы республикамыздағы санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл-хожалығы тараўларын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарлар болып есапланады.
Соннан, 2019-жылда жәми 1 триллион 836 миллиард 6 миллион сумлық 596 тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 5387 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген еди.
– Атап айтқанда, санаат тараўында 1 триллион 404 миллиард 953 миллион сумлық қаржы (соннан, 15,3 миллион долларлық шет ел инвестициясы) есабынан 266 жойбарды орынлап, 3497 жаңа жумыс орнын жаратыў, хызмет көрсетиў тараўында 257 миллиард 799 миллион сумлық қаржы (соннан, 63 мың долларлық шет ел инвестициясы) есабынан 304 жойбарды орынлап, 1436 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары В.Жоллыбеков. – Ал, аўыл-хожалығы бағдарында 173 миллиард 254 миллион сумлық қаржы (соннан 1,4 миллион долларлық шет ел инвестициясы) есабынан 66 жойбарды орынлаў ҳәм 454 жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ўазыйпалары қойылды.
Усы жойбарлар өз ўақтында нәтийжели түрде баслап жиберилди ҳәм ҳәзирги күнде 717 жойбарға 2 триллион 976 миллиард 758 миллион сумлық қаржы өзлестирилди. Усы жылдың 18-январь ҳалатына 1 триллион 949 миллиард 237 миллион сумлық 615 жойбар иске түсирилип, 5218 жаңа жумыс орны жаратылды.
Мәселен, Қанлыкөл районында жип ийириўге арналған «Кантекс инвест» ЖШЖ ның баҳасы 312 миллиард 20 миллион сумлық жойбар болып, әмелде 188 миллиард сумлық қәрежетлер жумсалып, өткен жылдың май айында иске түсирилди ҳәм 506 жаңа жумыс орны жаратылды. Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» ЖШЖ баҳасы 75 миллиард 938 миллион сумлық жойбар болып, әмелде 108 миллиард 278 миллион сумлық қәрежетлер жумсалып, өткен жылдың сентябрь айында иске түсирилди ҳәм 200 жаңа жумыс орны жаратылды.
Инвестициялық бағдарламаларға муўапық, Мойнақ районында әмелге асырылып атырған жумысларды да айрықша атап өтиўге болады.
Жақында бул жерде Мойнақ консерва заводы иске түсти. Район халқы ушын бул кәрхананың әҳмийети оғада уллы. 2018-жылдың февраль айынан басланған усы кәрхананың қурылысы ушын 0,56 гектар жер ажыратылып, мәмлекетлик бюджет есабынан 20 миллиард 975 миллион сум жумсалды.
Балық өнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў линияларын шөлкемлестириў ушын Россияның Калининград қаласындағы «Рыбтехцентр» кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылған үскенелер алып келип орнатылды.
Бул кәрхана жылына 3650 тонна балықтан, 9 миллион дана консерва өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Сондай-ақ, 780 тонна балық фаршы, 400 тонна балық филеси ҳәм 200 тонна қақланған балық таярланады. Кәрханадағы суўытқышлы ханалар 1000 тоннаға шекемги өнимлерди сақлаўға мөлшерленген.
Кәрхананың үзликсиз ислеп турыўы ушын «Мойнақ аква санаат» МУКқа 60 мың гектарлық 9 суў сақлағыш бекитип берилди. Кәрханада 30 жумыс орны жаратылды.
Хожели районындағы «Бунёдкор» МПЖ аймағында жайласқан «Эколойин рут» ЖШЖ боян тамырын жетистириўди кеңейтиў жойбарының баҳасы, жәми 4 миллиард 500 миллион сумды қурайды. Соның 250 миллион сумы өз қаржысы, 500 мың АҚШ долларлық тиккелей инвестиция шет елли бирге ислесиўши Қытай мәмлекетиндеги “AMERICAN ARIRANG GROUP., LIMITED” компаниясы болып есапланады.
Бул кәрхана да жақында 2019-жылдың 13-декабрь күни иске түсирилип, жаңадан 5 жумыс орны жаратылды. Бул жерде жәми 35 адам жумыс ислемекте.
Нөкис районындағы «Саманбай» АПЖда боян тамырының экстрактин ислеп шығарыўға ҳәм экпорт етиўге арналған «KPC NUKUS HERBAL TEXNOLOGY» шет ел кәрханасы қурылды.
– Бул кәрханаға Қытайдан 4,3 миллион АҚШ долларлық үскенелер алып келип орнатылды. Кәрхананың жыллық қуўатлылығы жылына 400 тонна өним ислеп шығарыўға мөлшерленген,-дейди кәрхананың бас директоры Jung Yudan. – Бүгинги күнде 60 жумыс орны жаратылды. Быйыл кәрхананың қуўатлылығын еки есе арттырыў ҳәм жумысшылардың санын 90 адамға жеткериў режелестирилген.
Ал, «Қарақалпақ Агро Импекс» ЖШЖ жойбары 4 гектар жерде «Гидропоника технологиясы тийкарында ыссыхана шөлкемлестириў» болып, жойбардың улыўма баҳасы 19 миллиард 500 миллион сумды қурайды.
– Усы жойбар бойынша жылына 700-800 тонна өним жетистирип, 2 миллион долларға шамалас өнимниң экспорт етилиўи режелестирилген,-дейди кәрхана баслығы А.Аллабергенов.. – Жойбарды әмелге асырыў мақсетинде Корея Республикасынан заманагөй үскенелер алып келинди. 20 дан 100 ге шекемги турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары жаратылды. Кәрхана Елликқала районындағы «Таза бағ» АПЖда жайласқан. Алдағы ўақытлары ыссыхананы 10 гектарға шекем кеңейтиўди режелестирип отырмыз.
Сондай-ақ, Тақыятас районында 2019-2020-жылларда әмелге асырылатуғын инвестициялық бағдарламалардың дизимине “GOLD-SANDWICH” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылатуғын «Сэндвич панеллердиң өндирисин шөлкемлестириў» жойбарының әмелге асырылыўы режелестирилген еди.
– Жәми баҳасы 1 миллиард 537 миллион сумлық бул жойбар ушын «Өзсанаатқурылысбанк»тиң Тақыятас районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Раўажландырыў Фондының кредит линиясы есабынан 126,4 мың АҚШ доллары муғдарында шет ел инвестициясы тартылды,-дейди “GOLD-SANDWICH” ЖШЖ баслығы А.Хасанов. – Қытайдан сэндвич панеллерин ислеп шығарыў ушын әсбап-үскенелер алып келинди. Өткен жылы октябрь айында иске түсирилип 5 жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханамыз жылына 8200 кв.м. сэндвич панеллерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
Усы жойбарлардың барлығы нәтийжели түрде әмелге асырылса елимиздиң экономикасы және де раўажланып, халқымыздың абаданлығының артыўына хызмет етеди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.