Ирландияның “Ookla”  компаниясы “Speedtest.net”  сервис хызмети тәрепинен дүзилген  “Speedtest Global Index”  айлық рейтингин басып шығарды. Онда 2019-жыл жуўмағы бойынша дүнья көлеминдеги мобиль интернет ҳәм сымлы интернет тезлигине байланыслы мағлыўматлар келтирилген.

Жаңа рейтингте Өзбекстан белгиленген ҳәм мобиль интернет тезлигиниң өсиў көрсеткишлери бойынша жоқары текшеге көтерилген.

Мәселен, мәмлекетимизде сымлы интернет тезлиги жыл даўамында секундына 12,38 Мегабитке өсип, секундына  22,49 Мегабитти көрсеткен. Өзбекстан бир текше жоқарыға көтерилип, 177 мәмлекет ишинде  108-орынды ийелеген.

Мәмлекетимиз, сондай-ақ, мобиль интернет тезлиги бойынша да еки позиция жоқарыға көтерилип,  134-орынды ийеледи.

“Speedtest.net” хызмети бул рейтингти өзлериниң жалғаныў тезлигин тексерип көриў мақсетинде усы хызметтен пайдаланатуғын пайдаланыўшылардан алынған мағлыўматлар тийкарында дүзеди.

Роман БОНДАРЧУК, ӨзА