Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети гелиополигонында 3 кВт қуўатлылығында Қуяш фотоэлектрик станциясының ашылыў мәресими болып өтти.

Бул жойбар Қубла Кореяның Корея энергетика агентлиги, WEEnergy, Hanbеk Construction Co., Ltd компаниялары ҳәм Өзбекстандағы Қуяш энергиясы халықаралық институты менен биргеликте әмелге асырылды.

Дәслеп мийманлар Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының қабыллаўында болды. Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Күнниң екинши ярымында станцияның рәсмий ашылыў мәресими өткерилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ж.Ембергенов, Қубла Кореяның «Hanbek Construction Co., Ltd» компаниясының директоры Ин Сеунг Рюль ҳәм басқалар мәмлекетлеримиз арасында ҳәр қыйлы тараўларда, соның ишинде, жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған бирге ислесиўге тоқтап өтти.

 

 

Атап өтилгениндей, Қубла Корея узақ жыллық тарийхый мийрасы, қәдириятлары, мәнаўияты менен жәҳән илиминде жетекшилерден есапланады. Узақ өтмишке нәзер тасласақ, мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықларды, илим тәжирийбе алмасыўын, саўда-сатық системасын Уллы жипек жолы байланыстырып турған. Ҳәзирги ўақытта Қубла Корея мәмлекети Қуяш энергиясынан пайдаланыў бағдарында ири жойбарларды әмелге асырмақта. Атап айтқанда, қуяш энергиясын электр энергиясына өзгертиўши ярымөткизгишли қуяш элементлери, қуяш суў ысытыў коллекторлары ҳәм ҳәр қыйлы энергетикалық мақсетлер ушын мөлшерленген қуяш қурылмалар көплеген мәмлекетлерге экспорт етилмекте.

Бүгинги турмысымызды, экономика тармақларының жумысын электр энергиясыз көз алдымызға келтирип болмайды. Кейинги жылларда оған болған талап жылдан-жылға артып бармақта. Әне усы тәрепи болса ендигиден былай тараўға инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў арқалы оны буннан былай да раўажландырыў менен бирге, тәбийғый газ, нефть, көмир сыяқлы углеводород шийки зат ресурсларын үнемлеўди де талап етпекте.

 

 

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиз экономикасында әмелге асырылып атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер санаат тармақларына «жасыл экономика» системасын енгизиў, инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў имканиятын бермекте. Соның ишинде, Наўайы ўәлаятында Бирлескен Араб Әмирлигиниң Масдар компаниясы тәрепинен 100 МВт қуўатлылықта Қуяш фотоэлектрик станциясын, Бухара ўәлаятында 200 МВт ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 100 МВт самал электростанцияларын жойбарлаў ҳәм қурыў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң энергетика, электроэнергетика, электротехника, электромеханика ҳәм электр технологиялары, метрология, стандартластырыў ҳәм өнимниң сапа менеджменти тәлим бағдарларында кадрлар таярлаў жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта усы бағдарларда бакалавр басқышында 700 ден аслам студент билим алмақта.

Қубла кореялы қәнигелер менен биргеликте иске қосылған Қуяш фотоэлектрик станциясы ҳәм заманагөй маркада үскенеленген лаборатория студентлердиң теориялық билимлериниң әмелият пенен байланыслылығын тәмийинлеў, жас изертлеўшилер ушын изертлеў объекти ўазыйпасын атқарады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.