Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында «Жаңа редакциядағы Салық кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм оны әмелиатқа енгизиў бойынша ўазыйпалар» атамасында семинар-мәжилис болып өтти. Оған басқарманың ҳәм аймақлық инспекцияларының басшылары, қәнигелери, исбилерменлик субъектлериниң басшылары ҳәм бухгалтерлери, жеке исбилерменлер қатнасты.

Мәжилисти басқарма баслығы Қ.Халмуратов алып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Ф.Умаров, басқарма баслығы Т.Исмаилов, Өзбекстан Республикасы Есап палатасының қәнигеси М.Машарипов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, 2020-жылдан салық сиясатына киргизилип атырған жаңалықлар, атап айтқанда 2019-жыл 30-декабрьде қабыл етилген жаңа редакциядағы Салық кодекси ҳәм 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы Нызам туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

 

 

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында салық системасында бурын болмаған үлкен өзгерислер енгизилмекте. Бундағы тийкарғы идея теңлик, әпиўайылық, анықлық ҳәм нәтийжелилик принциплерине тийкарланған жаңа салық системасын жаратыўға қаратылған.

Усы илажларды әмелге асырыў мақсетинде кең жәмийетшиликтиң додалаўынан соң Салық сиясатын жетилистириў концепциясы ислеп шығылып, 2019-жылдың 1-январынан әмелиятқа енгизилди. Жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбары бойынша пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлеринен 600ге шамалас пикир-усыныслар билдирилди.

Жаңа редакциядағы Салық кодекси 21 бөлим, 71-бап ҳәм 480 статьядан ибарат.

Оған муўапық салық түрлери 13 тен 9 ға азайтылды. Салық салыў шәртлерин теңлестириў мақсетинде улыўма белгиленген салықларды төлеўге өткерген ҳалда базарлар ушын айрықша салық режимин бийкар етиў, аўыл-хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларды улыўма белгиленген салықларды ямаса айланыстан түскен салықларды төлеўге өткериў ҳәм усы түрдеги салық төлеўшилер ушын пайда салығының нольлик ставкасы белгиленди.

 

 

Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ушын ислетилетуғын мүлк есабы бойынша мүлк салығынан ҳәм тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген жерлер ушын жер салығынан жеңилликлер сақлап қалынды.

Соның менен бирге, көркем өнер тараўы хызметкерлериниң дәраматларын декларациялаў тийкарында әмелге асырыў тәртиби белгиленди. Қосымша қун салығын қайтарып бериў тәртиби түп-тийкарынан өзгертилип, салық миннетлемелерин өз ўақтында орынлап киятырған салық төлеўшилерге 2020-жылдың 1-июлинен баслап қосымша қун салығы бойынша келип шыққан артықша сумманы толығы менен қайтарыў тәртиби енгизилмекте.

– Бул семинарда исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер ҳәм қолайлықлар туўралы кең түрде түсиник берилди,-дейди исбилермен М.Юнусбеков. – Жеке өзим исбилермен сыпатында жумысыма керекли болған көплеген мағлыўмат алдым. Соннан салық төлеў, есапларды тапсырыў тәртиплери, мүддети туўралы түсиниклер алғанымды атап өтсем болады. Мәселен, қосымша қун салығын төлейтуғын кәрханалар артықша төленген қосымша қун салығын усы жылдың 1-июлинен баслап қайтарып алыў ҳуқықына ийе болды. Бул да исбилерменлер ушын үлкен қолайлық болып есапланады.

 

 

Сондай-ақ, кодекске муўапық, салық уйымлары тәрепинен салық төлеўшилерди «ҳүжданлы», «гүманлы» ҳәм «турақлы ҳуқықбузарлар»ға бөлген ҳалда олар менен айрықша жумыс алып барыў жолға қойылмақта. Соннан, «ҳүжданлы» категориясына кирген салық төлеўшилер, усы дизимде бар дәўиринде ҳеш қандай тексерилмейди.

Мәжилис қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усындай семинар-мәжилислер жақын районлардағы исбилерменлердиң қатнасыўында аймақларға бөлинген ҳалда, Шымбай, Қоңырат ҳәм Беруний районларында да болып өтти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.