Мойнақ районында казинолар қашан қурылатуғынлығы ҳәзирше намәлим, бул мәселеде ҳәзирше анық гәп жоқ. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы район ҳәкими Е.Еденбаевқа тийкарланып хабар берди.

Район ҳәкиминиң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда казинолар хызмети қадаған етилген.

– Казино мәселеси, олардың қашан қурылыўы ҳәзирше белгисиз. Бул бойынша жумыс алып барылып атырғаны жоқ. Хабарыңыз бар, казинолар нызам менен қадаған етилген. Казинолар қурылысы ушын болса алды менен нызамшылыққа өзгерис киргизиў керек. Бирақ, бул мәселе ҳәзирше анық емес, – деген район ҳәкими Е.Еденбаев.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.