Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-январь күни мәмлекетлик хызметлер көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы Президенти сыпатындағы жумысының дәслепки күнлеринен-ақ «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идеяны алға қойған еди. Мақсет адамларымыздың аўырын жеңил етиў, ҳәр қандай қолайлықлар жаратыўдан ибарат.

Буның ушын, бәринен бурын, рәсмий уйымларға анаў ямаса мына жумыс пенен мүрәжат еткен халықтың ўақты ҳәм қаржысын үнемлеў, әсиресе, сергизданлықты сапластырыў, қалаберсе, коррупцияны сапластырыў мақсетлеринде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бир тутас, заманагөй, исенимли системасын жаратыўға кирисилди.

Усы мүнәсибет пенен Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жыл 12-декабрь күни «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойылды. Оған муўапық, Әдиллик министрлиги жанында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз бойлап Агентлик қарамағындағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары жумыс алып бармақта. Әпиўайы адамлар ушын қолайлы, ықшам болған 80 нен аслам инновациялық имаратлар физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет етип киятырған болса, бүгинги күнде және 94 усындай имаратларды қурыў жумыслары алып барылмақта.

Буннан тысқары, алыс жерлерге шығыў арқалы («мобиль мәмлекетлик хызметлер») қолайлы ҳәм ашық-айдын тәризде көшпели хызметлер де көрсетилип атыр.

Бүгинги күнге келип, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы «бир айна» принципи тийкарында 130 түрден аслам хызметлер усынылмақта. 2017-жылы халыққа көрсетилген хызметлердиң саны 12 мыңды қураған болса, 2019-жылы бул көрсеткиш 13 миллионнан артқан.

Кейинги еки жылда орынларда 86 мәмлекетлик хызметлер орайлары ашылды. Ең көп мүрәжат етилетуғын 36 түрдеги хызметлер бойынша ҳүжжетлердиң саны 112 ден 52 ге шекем азайтылды, хызмет көрсетиў мүддети 280 күннен 126 күнге қысқартылды.

Мәселен, алдын айдаўшылық гүўалығын жаңа алмастырыў ушын паспорт, медициналық мағлыўматнама, имтихан бети, ески гүўалық, сүўрет ҳәм ең кем мийнет ҳақынының 70 проценти муғдарында төлем талап етилген. Ендигиден былай тек ғана үш нәрсе: ески айдаўшылық гүўалығы ҳәм оның талоны, базалық есаплаў муғдарының 70 проценти көлеминде төлем керек.

Өткен жыл 1-июньнан баслап пуқаралардың жасаў орнына ҳәм шөлкемлердиң мәнзилине қарамастан, қәлеген орай арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылды. Бул адамларға оғада үлкен қолайлық жаратып, әўерегершиликтен қутқарды.

Мәселен, Ташкенттеги университетке Нөкистен келип ҳүжжет тапсырыў ушын кеминде 2 миллион сум қәрежет жумсалған болса, ҳәзирги ўақытта қәлеген орайға мүрәжат етиўдиң өзи жетерли.

Усы жылы да бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип, 94 жаңа орайдың қурылыўын көпшилик жағдайларда жеке сектор менен биргеликте әмелге асырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул дәслепки қәдемлер екенин, халыққа қолайлықларды және де көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Бәринен бурын, «бир айна» принципи толық ислеўи ушын барлық мәмлекетлик хызметлер толық электрон формаға өткерилиўи ҳәм мағлыўматлардың санластырылыўы керек екенлиги атап өтилди.

 

 

Ҳәзирги күнде мәмлекетлик хызмет көрсетиўши 80 уйымнан дерлик 27 си Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен өз-ара интеграцияланған. 53 уйымда мағлыўматлар санластырылған. Мысал ушын, денсаўлықты сақлаў, экология, қурылыс, архивке байланыслы мәмлекетлик хызметлер тараўында елеге шекем электрон мағлыўмат базасы қәлиплеспеген.

Усындай мағлыўмат алмасыўы жоқ екенлиги себепли 2019-жылы қурылыс, тәбийғый газ, ыссы суў ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты бағдарында хызмет көрсетиў мүддетлери бузылған.

Сол себепли мәжилисте Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги барлық уйымлардың мәмлекетлик хызметлерге байланыслы мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базасын жаратыў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўшылардың санын жыл ақырына шекем кеминде 5 есеге арттырыў, 2025-жылға шекем толық электрон хызмет көрсетиўге өтиў мақсет етип қойылды.

Халықтың 75 проценти интернетке мобиль қурылмалар арқалы кирип атырғанын есапқа алып, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль версиясын иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Алыс аймақларда жасайтуғын халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер орайының 50 ден аслам филиалын шөлкемлестириўди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сырт ел тәжирийбесин қолланған ҳалда, адамларға бир мүрәжат тийкарында қосымша комплексли хызметлер көрсетиў ҳәм пуқараның мүрәжатысыз да оған керекли хызмет түрлерин усыныў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, перзенттиң туўылыўы менен оған туўылғанлығын дизимге алыў, напақа белгилеў, жасаў жерине дизимге ҳәм медициналық мәкемеге есапқа алыў, балалар бақшасында гезек сыяқлы хызметлер бирден усынылса, ата-аналарға оғада қолайлы болады.

Мәжилисте усы системаны эксперимент тәризинде Ташкент қаласында, кейин ала басқа да аймақларда басқышпа-басқыш енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Президентимиз көплеген хызметлер ушын электрон санлы имза талап етилиўи адамларға қыйыншылық туўдырып атырғаны, әсиресе, бул исбилерменлердиң ең нәзик жери екенин атап өтти.

 

 

Электрон санлы имзадан компьютер арқалы ғана пайдаланыў мүмкин. Исбилермен дизимнен өтиўи ушын салық уйымының гилти, бажыхана ҳүжжетлери ушын бажыхана гилти ҳәм есап-бети менен ислесиў ушын банктиң электрон санлы имзасын алыўы шәрт. Бул гилтлерди алыў ушын ҳәр бир уйымға бирме-бир барып, оны сатып алыўы, белгили мүддетте және қаржы жумсап жаңалаўы керек.

Президентимиз тәрепинен Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте электрон санлы имза талап етилетуғын хызмет түрлери ушын шахсты тастыйықлаўдың альтернатив, қәўипсиз ҳәм әпиўайы усылларын енгизиў ўазыйпасы қойылды. Усы жылдың 1-июлине шекем барлық хызметлер ушын бирден-бир электрон санлы имза ислеп шығыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша илажлар белгилеп алынды.

ӨзА