Социаллық тармақларда бир неше пуқараның намәлим кафеде жәнжеллесип атырғаны сәўлеленген видео тарқалған еди.

Видеодағы жәнжеллесип атырған пуқаралар Кегейли районы ҳәкимлигиниң ўәкиллери екенлиги, олардың анық ким екенлиги ҳәм не ушын жәнжеллесип атырғаны ҳаққында толық мағлыўматлар жоқлығы ҳаққында тармақларда жәрияланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының жағдай бойынша мәлим етиўинше, видеодағы ўақыя 2018-жыл 31-август күни болып өткен. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери усы күни район орайында жайласқан «Алакөз» кафесинде биргеликте байрамды белгилеп отырғанда ҳәким орынбасары А.К. ҳәм бас шыпакер К.К. өз ара жәнжеллесип қалған.

Үйрениўлер даўамында жәнжел ақыбетинде ҳеш бир адамға дене жарақаты жеткерилмегенлиги, бул жағдай бойынша ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат келип түспегенлиги анықланған.

Сондай-ақ, жәнжелге себепши болған адамлар бир-бирине шағымы жоқ екенлигин билдирген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.