Республикамызда ҳаял-қызлардың жумысын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, алдыңғы турмыс ҳәм жумыс тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында өрнек болыў менен бирге жәмийетлик турмыста белсене қатнасып киятырған ҳәр қыйлы тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Жыл ҳаялы – 2019» миллий таңлаўы өткерилмекте.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында қала ҳәм районлардан жәми 113 ҳаял-қыз қатнасып, олардан ең жоқары балл топлағанлар «Жыл ҳаялы» сыйлығының 11 номинациясы бойынша Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды.

Таңлаўда министрликлердиң, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат төрешилер қурамы қатнасыўшылардың ҳүжжетлериниң сапасына ҳәм номинация талапларына сай екенлигине, мийнет етиўиндеги жетискенликлерине, өз тараўына киргизген жаңалықларына, сондай-ақ, олардың сөйлеў, кийиниў мәдениятына итибар қаратты. Таңлаўда қатнасыўшылардың жумысы, шаңарақта ҳәм жәмийетте тутқан орны ҳаққында таярлаған видеороликлери де айрықша баҳаланып, кем тәмийинленген, имканияты шекленген ҳаял-қызларға көрсеткен қайырқомлық жәрдемлери де инабатқа алынды.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында усы номинациялардың жеңимпазларын ҳәм таңлаўда белсене қатнасқан ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда «Жылдың ең белсенди ағартыўшы ҳаялы» номинациясы бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының аға оқытыўшысы Бахтыгүл Арзиева, «Жылдың ең жақсы ПҲАЖ хызметкери» номинациясы бойынша Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлиминиң баслығы Салтанат Пирназарова, «Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы бойынша Өзбекстан билимлендириў ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Тақыятас районлық кеңесиниң баслығы Сайяра Бекимбетова, «Жылдың ең белсенди ҳаял-қызлар менен жумыс алып барған ҳуқық-қорғаў тараўының хызметкери» номинациясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы, майор Турсынай Қарлыбаева, «Ҳаял-қызларға байланыслы реформаларды белсене жарытқан журналист» номинациясы бойынша «Шымбай ҳаўазы» газетасының жуўаплы хаткери Сайёра Даутова, «Өз кәсибиниң пидайысы» номинациясы бойынша Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң бас қәнигеси Жупаргүл Шарафатдинова, «Жылдың ең алдыңғы исбилермен ҳаялы» номинациясы бойынша «Barno textile plus» кәрханасының директоры Улбосын Аннабаева, «Жылдың ең алдыңғы фермери» номинациясы бойынша «Пәраўан дала Қараөзек» фермер хожалығының фермери Лейла Монтаева, «Жылдың ең белсенди мәҳәлле қәнигеси» номинациясы бойынша «Гүлистан» мәкан пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигеси Тазагүл Бекимбетова,  «Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы» номинациясы бойынша Хожели районлық ҳаял-қызлар комитетиниң жетекши қәнигеси Гүлнара Нурымбетова, «Инновациялық идеяларды алға қойған илимпаз» номинациясы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Қарақалпақ тил билими» кафедрасының доценти, университет ҳаял-қызлар комитетиниң басланғыш шөлкеми баслығы Инжайым Сейтназарова жеңимпаз деп табылып, Өзбекстан республикалық басқышына жоллама алды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы