Хабарыңыз бар, 2018-жылдың қыс ҳәм быйылғы жылдың бәҳәр мәўсимлеринде Арал теңизиниң қурыған түбинде қорғаў тоғайлықларын пайда етиў жумыслары қызғын пәтлерде алып барылды. Нәтийжеде теңиздиң суўы қурыған 500 мың гектардан аслам жерине сексеўил нәллери және туқымлары егилди.

Бул жумыслар быйылғы жылдың қыс ҳәм келеси жылдың бәҳәр мәўсимлеринде де даўам еттирилиўи, нәтийжеде 700 мың гектарлық аймаққа сексеўил нәллери менен туқымларын егиў жобаластырылған.

Өзбекстан Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Мойнақ районындағы «Арал», «Мойнақ», «Дослық» МПЖларының пуқаралары, сондай-ақ, жергиликли халық тәрепинен күнине 20 тоннаға шекем сексеўил туқымларын жыйнап, тапсырмақта.

Ҳәр бир килограмм туқым ушын 10 мың сумнан нақ пул берилмекте.

Жергиликли халық ҳәм көмекке келген жумысшылар – улыўма ҳәмме бир жағадан бас шығарып, аўызбиршилик пенен Аралдың қурыған түбин тоғайлыққа айландырыў ушын ат салыспақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.