2020-жыл 1-январьдан баслап ЖПХ хызметкери 8 саат даўамында үзликсиз түрде хызметти видеокамерадан пайдаланған ҳалда әшкара рәўиште алып барады.

Арнаўлы боди-камералар транспорт басқарыўшылары ҳәм хызметкердиң нызамға қайшы түрде сәўбетлесиўи және коррупциялық жағдайлардың алдын алыўы ҳаққында айтылмақта.

Сондай-ақ, боди-камералар хызметкер тәрепинен жол ҳәрекети қатнасыўшыларына болған нызамға қайшы келетуғын ис-ҳәрекетлер жүз бериўиниң алдын алады.

Мағлыўматларға қарағанда, Қытай Халық Республикасының «Хайтера» компаниясынан Өзбекстан бойынша 6193 боди-камера сатып алынған. Соннан 200 боди-камера Қарақалпақстан Республикасы ЖПХ хызметкерлери ушын жиберилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.