Бизге белгили, соңғы жыллары пүткил Өзбекстанда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиӊ басшылығында қала қурылысын әмелге асырыў, халыққа мүнәсип турмыслық шараят жаратыў, аймақларды комплексли раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм инвестициялық жойбарлар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бул дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў шеңберинде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине тийисли болған имарат ҳәм объектлер жайласқан жер участкалары ийелериниң нызамлы ҳуқықлары менен мәплериниң кепилликлерин есапқа алған ҳалда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын пайдаланылмақта.

Яғный, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын алынған жер участкаларыныӊ есесине жергиликли бюджеттен компенсация пуллары төлеп берилмекте.

Бул процесслер Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 3-августтағы «Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ мүлкке болған ҳуқықыныӊ кепилликке алыныўын сөзсиз тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Б-5491-санлы бийлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 26-декабрьдеги «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер участкаларыныӊ алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў бойынша орайластырылған фондлардың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 1047-санлы қарары тийкарында тәртипке салынғанлығын айрықша атап өтиў керек.

Қарақалпақстан Республикасында соңғы еки жылда жәми 438 объект мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын ажыратылып, соннан 36 объект турақ жай емес, 402 объект турақ жай объектлери есапланады.

Бул жер участкаларының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын пайдаланылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў мақсетинде болса  Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетиниӊ қосымша дәреклери есабынан жәми 58 млрд. 16,4 млн.сум қаржы ажыратылды.

Әлбетте, күннен-күнге жаңаланып баратырған елимизде абаданластырыў ҳәм қурылыс, соның ишинде, дөретиўшилик жумыслары даўам етеди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – халыққа мүнәсип турмыслық шараят жаратыў болып табылады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети