Жақында «Жаслар орайы»нда «Мәртлер қорғайды Ўатанды!» атамасындағы шығармалар таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда улыўма орта билим бериў мектеплериниң, академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары қатнасты.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилген таңлаўдан гөзленген мақсет – миллий армиямыздың қүдирети, тыныш турмысымызды тәмийинлеўде әскерлердиң, шегарашылардың пидайылықлары, ерликлери ҳаққында жасларды хабардар етиў, олар арасында әскерий хызметке болған қызығыўшылықты, Қураллы Күшлеримиздиң абырайын арттырыў, жасларды ўатансүйиўшиликке шақырыў болып табылады. Жаслар өз шығармаларында елимизде Қураллы Күшлерди қәлиплестириў ҳәм жумысын избе-из жолға қойыў бойынша барлық зәрүрли ҳуқықый тийкарлар жаратылғанын, Қураллы Күшлерди шөлкемлестириўдиң жаңа концепциясы турмысқа енгизилгенин, мүддетли әскерий хызметтиң қысқартылғанын, бир мәртелик шақырыў тәртиби енгизилгенин, сержантлар ҳәм «Темурийлер» мектеплериниң шөлкемлестирилгенин әпиўайы тилде, өз түсиниклери, жасларға тән көзқарас пенен түсиндирип берди. Дөретиўшилик жумысларында Қураллы Күшлердиң жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы роли, әҳмийети ҳаққындағы пикир-усыныслардың рәңбәреңлиги итибарға алынды.

Таңлаў жуўмағында Қоңырат районындағы 42-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Шийрин Караматдинова биринши орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында белсене қатнасқан оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ең сайланды шығармалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.