АШЫҚ САБАҚ                                                                 

Ишки ислер уйымларына маман қәнигелер таярлаўда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиялық лицейлериниң атқаратуғын хызмети айрықша болып табылады. Себеби, болажақ тынышлық сақшылары өзлериниң дәслепки билим көнликпелерин усы оқыў дәргайларынан алады. Сонлықтанда олардың келешекте қандай қәниге болып жетилисиўи усы оқыў орнынан алған билимине де байланыслы болады десек, асыра айтқан болмаймыз. Оқыўшылардың билим және көнликпелерин жетилистириў, оларды халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеўде аянбай хызмет атқаратуғын, Ўатанды сүйиўши инсанлар етип тәрбиялаўда ишки ислер уйымларының түрли хызметлеринде узақ жыллар ислеген ветеранлардың тәжирийбеси айрықша орын ийелейди.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде де айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Бул жерде оқыўшыларға улыўма пәнлер менен бир қатарда кәсиплик пәнлерде оқытылмақта.  Оқыў жылы даўамында кафедралар кесиминде педагог-оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырып барыў мақсетинде олардың арасында «Ашық сабақлар» өтиў арқалы өз-ара тәжирийбе алмасып барыў жақсы жолға қойылған.

Солардың ишинде кәсиплик пәнлер оқытыўшысы, узақ жыллар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасына басшылық еткен, ишки ислер ветераны Қунназар Сарбаев тәрепинен өткерилген «Өзбекстан Республикасының пуқаралығын қабыл етиў, пуқаралықтан шығыў ҳәм пуқаралыққа тийислиликти анықлаў» темасындағы «Ашық сабағы» оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Темасынан көринип турғанындай, бул тек оқыўшылар ушын емес, ал, бәршени қызықтыратуғын мәселе.

Сабаққа академиялық лицейдиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының хызметкерлери ҳәм кафедраның оқытыўшылары қатнасты. Сабақ жаңа педагогикалық ҳәм заманагөй инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда дәстүрий емес усылда алып барылды. Оқытыўшы тәрепинен темаға байланыслы нызамшылықтағы өзгерислер және қосымшалар, сырт еллердиң тәжирийбелеринен кеңнен пайдаланды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы пуқаралығын қабыл етиў, сондай-ақ, шығыў ҳаққындағы материалларды көрип шығыў ҳәм рәсмийлестириў тәртиби, Өзбекстан Республикасы пуқаралығын бийкарлаў тийкарлары ҳәм рәсмийлестириў тәртиби туўралы нызамшылыққа сүйенген ҳалда толық мағлыўматлар берилди. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Өткерилген «Ашық сабақ» лицейдиң басшылары, басқарма хызметкерлери ҳәм кафедра оқытыўшылары тәрепинен додаланып, жоқары баҳа берилди. Бундай сабақлар оқыўшылардың билимин жетилистириў менен бирге, олардың машақатлы кәсипке болған қызығыўшылығы және сүйиспеншилигин арттырыўға хызмет етеди.

Қ. ДЖУМАНИЯЗОВ,

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер

министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейиниң оқытыўшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.