Ҳамкорликнинг янги истиқболларини белгилаб берган тарихий ташриф

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чже Инниң мирәт етиўине бола 22-24-ноябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Корея Республикасына мәмлекетлик сапар етиўи ҳәр тәреплеме нәтийжели болды. Ушырасыўларда ири инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў, экономика, энергетика, қаржы, инвестиция, жоқары технологиялар сыяқлы салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў, гуманитар байланысларды кеңейтиў, министрликлер менен ведомстволараралық бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы мәселелер додаланды.

Сапар етиў шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм басқа да салаларға байланыслы улыўма баҳасы 10 миллиард АҚШ долларынан аслам 60 тан зыят ҳүжжетке қол қойылды. Соннан 4,5 миллиард доллары тиккелей инвестициялар болып табылады.

Ерисилген келисимлер менен қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекистан Республикасы менен Корея Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға, еллеримиз бенен халықларымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы 24-ноябрь күни БМШ бурынғы Бас хаткери, Халықаралық Олимпия комитетиниң этика комиссиясының баслығы Пан Ги Мунды қабыл етти.

Шын жүректен ҳәм ашық-айдынлық руўхында болып өткен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы Пан Ги Мун БМШ Бас хаткери лаўазымында жумыс алып барған дәўирде Өзбекистан менен БМШ биргеликте нәтийжели жойбарларды әмелге асырғанын еске алды.

Пан Ги Мун Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Корея Республикасына мәмлекетлик сапар етиўин жоқары баҳалап, еки ел арасындағы әзелий дослық ҳәм өз-ара исеним руўхындағы бирге ислесиў байланысларын раўажланыўында жаңа басқышты баслап бергенин атап өтти.

Өзбекистанның басламалары Орайлық Азияны турақлы ҳәм жоқары экономикалық раўажланған регионға айландырыўда әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.

Пан Ги Мун Шавкат Мирзиёевқа Өзбекистан менен Қубла Корея қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдирди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери Чон Сэ Гюн менен ушырасты.

Спикер мәмлекетимиз басшысын шын жүректен қутлықлап, Қубла Корея менен Өзбекистан арасындағы дослық ҳәм стратегиялық қатнасықларды буннан былай да беккемлеў кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Усы жылдың  26-сентябрь күни Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, бул бағдардағы байланысларды және де кеңейтиў бағдарында әҳмийели келисимлерге ерисилген еди. Сол ушырасыўдың логикалық даўамы болған бүгинги сөйлесиўлер өз-ара исеним ҳәм шын жүреклик руўхта болып өтти.

Президентимиз Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Корея Республикасының пайтахты мэриясында болды. Президентимизди Сеул қаласының мэри Пак Вон Сун күтип алды.

Шавкат Мирзиёев ҳүрметли мийманлар китабына өзиниң тилеклерин жазып қалдырды.

Ушырасыўда Өзбекистан менен Қубла Кореяны дослық байланыслары, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккем байланыстырып туратуғыны айрықша атап өтилди.

Өзбекистанда Қубла Кореяның жетекши компаниялары менен банклериниң қатнасында экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында онлаған ири жойбарлар әмелге асырылған ҳәм асырылмақта. Рәсмий Сеул елимизде санаат ҳәм инфраструктураны диверсификациялаўға ҳәм модернизациялаўға байланыслы тийкарғы бағдарламаларды әмелге асырыўда дәстүрий жетекши инвестициялық және технологиялық шерик болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 3-июль күни Сеул қаласының мэри Пак Вон Суды Ташкентте қабыл етип, досласқан қалалар – Ташкент ҳәм Сеул арасында әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалаған еди.

Бүгинги ушырасыўда заманагөй технологиялар тийкарында қаланы басқарыў, транспорт системасын ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығын раўажландырыў бойынша нәтийжели системаны шөлкемлестириў саласында Қубла Кореяның алдынғы тәжирийбесинен пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Қала қурылысы, архитектура ҳәм ландшафт дизайны салаларында өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Сеул қаласының ҳүрметли пуқарасы сыйлығын бериўге бағышланған мәресим болып өтти. Мәресимде шығып сөйлегенлер Өзбекистан Республикасы менен Корея Республикасы арасындағы бирге ислесиў байланысларының раўажланып атырғаны, еки ел арасындағы дослық қатнасықларының буннан былай да беккемлениўинде Президент Шавкат Мирзиёвтың мәмлекетлик сапар етиўи үлкен әҳмийет ийелегенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы халықларымыз арасындағы дослық нышаны сыпатында Ташкент қаласындағы көшелердиң бирине Сеул атмасын бериў усынысын билдирди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа Сеул қаласының ҳүрметли пуқарасы атағы салтанатлы түрде тапсырылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Бас министри Ли Нак Ён менен ушырасты.

Өзбекистан Республикасы ҳәм Корея Республикасының бирге ислесиўи соңғы жылларда кең көлемге ийе. Мәмлекетимиз басшысының Қубла Кореяға мәмлекетлик сапары даўамында саўда, жанылғы-энергетика, химия, транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары, логистика, автомобиль қурылысы, таў-кән санааты, жеңил санаат, азық-аўқат, аўыл хожалығы, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникациялар, медицина, туризм, илим-билимлендириў ҳәм мәденият сыяқлы көплеген тараўларда келисимлерге ерисилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Бас министри Ли Нак Ён менен ушырасыўда ерисилген бул келисимлерди әмелиятқа избе-из енгизиў, жаңа перспективалы жойбарлар бойынша бирге ислесиў байланысларын жедделлестириў мәселелерин додалады.

Сәўбетлесиў ўақтында Президент Шавкат Мирзиёевтың усы сапар етиўи еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға, стратегиялық шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чжи Ин биргеликте Сеул қаласындағы Қубла Корея Миллий музейинде болды.

Бул музей Корея Республикасының ең ири тарийхый ҳәм мәдений орайларынан бири болып табылады. 1945-жылы тийкар салынған музей ушын 2005-жылы өзине тән архитектуралық шешимге ийе заманагөй имарат қурылған. Азияда ең ири, деп тән алынатуғын бул музей көлеми жағынан дүньяда алтыншы орында турады. Музейде 220 мыңнан аслам тарийхый, көркем, археологиялық ҳәм басқа да экспонатлар жыйналған.

Президентимиз музей экспонатлары менен танысты. Мәдений-гуманитар тараўларда мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды буннан былай да кеңейтиў бойынша келисип алынды.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Корея Республикасына сапары жуўмақланды.

Бул сапар сиясий, экономикалық нәтийжелери менен еллеримиз арасындағы қатнасықлардың тарийхынан әҳмийетли орын ийелейтуғыны ҳәм өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғыны сөзсиз.

Әбиў Бәкир ОРАЗОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Ташкен-Сеул-Ташкент.