Әдиллик министрлиги тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм жәмийетшиликтиң додалаўына (https://regulation.gov.uz/uz/document/9514)  қойылды.

Жойбар менен:

мәмлекетлик нотариал уйымларды басқышпа-басқыш жеке меншик нотариал уйымларға өткериў;

мәмлекетлик емес нотариал жумысты лицензиялаў;

Өзбекстан Республикасының Нотариал палатасын шөлкемлестириў, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары;

айырым түрдеги келисимлерди мәжбүрий нотариал тастыйықлаў тәртибин бийкар етиў ҳәм жаңа түрдеги нотариал ҳәрекетлерди енгизиў;

турақ жайды басқа шахсқа өткериў, мүлклерди ижараға (арендаға), бийпул пайдаланыўға бериўде айырым талапларды бийкар еткен ҳалда усы келисимлерди рәсмийлестириў процесслерин әпиўайыластырыў;

аралықтан турып, соның ишинде, видеоконрференцбайланыс арқалы нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў механизмин енгизиў;

пуқараларды нотариус кәсиплик миннетлемелерин бузыўы нәтийжесинде жеткерилетуғын зыяннан қорғаў мақсетинде мәмлекетлик емес нотариал уйымлар нотариусларының пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў;

нотариусқа электрон мүрәжат етиў механизмин жетилистириў арқалы оператив нотариал хызметлер көрсетиў ҳәм басқалар, белгилеп берилмекте.

Жойбардың қабыл етилиўи нәтийжесинде нотариустың материаллық мәпдарлығының артыўы халыққа тез ҳәм сапалы нотариал хызмет көрсетиўди тәмийинлейди, оның келиспеўшиликлерди алдын алыўшы институт сыпатында және де раўажланыўына хызмет етеди.

Әдиллик министрлигиниң Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими,

ӨзА