Әдиллик министрлиги халықтың ҳуқықый мәдениятын раўажландырыў мақсетинде «Ҳуқық билимданлары» таңлаўын өткереди.

Таңлаў 1-ноябрь күни басланады. 3 басқышта болып өтетуғын таңлаўдың жеңимпазлары Жаңа жыл байрамы алдында жәрияланады.

Жеңимпазларға төмендеги саўғалар тапсырылады:

1-орын – «SPARK» автомашинасы;

2-орын – Малайзияға еки адамлық жоллама;

3-орын – iPhone 11 PRO.

Буннан тысқары биринши басқыш жеңимпазына өз алдына қымбат баҳалы саўға да бериледи.

Таңлаў шәртлери әпиўайы:

  1. @huquqiyaxborot каналына белгиленген тәртипте досларыңызды қосың.
  2. Тест сораўларына жуўап бериң.
  3. Финальда қатнасып SPARK утып алың.

Таңлаўдың 1-басқышының шәртлери менен //bit.ly/2q49fFX мәнзили арқалы толық танысың.

Еслетпе: Жоқары юридикалық мағлыўматлылар, сондай-ақ, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң хызметкерлери және олардың жақын туўысқанларының таңлаўда қатнасыўы қадаған етиледи.

P.S. Саўғалар ушын қәрежетлер қәўендерлер тәрепинен қапланады.

Ҳуқықты билиў пайдалы, билимиңиз бенен «SPARK» утып алың!

 

ӨзА