Европа қубла обсерваториясының астрономлары Қуяш системасында жаңа Гигея кишкене планетасының бар екенлигин анықлады. Бул ҳаққында aniq.uz  сайты мәлим етти.

Әййемги греклердиң саламатлық ҳаял Қудайының ҳүрметине Гигея деп аталған планета Қуяш әтирапында айланатуғын Марс ҳәм Юпитер орбиталары арасындағы астероидлардың белбеўинде жайласқан. Киши планетаның диаметри 430 км әтирапында.

Гигеяны биринши болып италиялы астроном Аннибале де Гаспарис 1849-жылы анықлаған болса-да, ол бүгинги күнге шекем рәсмий астероид деп есапланып келинетуғын еди.

Гигея астероидлар белбеўиндеги ең ири объект емес. Ол көлеми жағынан Церера (950 км), Веста (525 км) ҳәм Паллададан (512 км) кейинги орында турады.

XIX әсирдиң басларына шекем олардың үшеўи де ҳақыйқый планета деп есапланып келинген, бирақ кейин ала астероид деп табылған.

Планета деп есапланыўы ушын фазалық аспан денеси бир неше шәртлерге дурыс келиўи керек:

қуяш әтирапында орбита бойлап айланыўы;

басқа планетаның жолдасы болмаўы;

домалақ форманы сақлап турыў ушын жетерли дәрежеде гравитацияға ийе болыўы;

орбитасын басқа киши аспан денелеринен тазалаў ушын жетерли дәрежеде салмаққа ийе болыўы керек.

Егер дәслепки үш шәрт орынланса, планета кишкене деп есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги