Испания футбол короллығы Ла-лига 10-тур шеңбериндеги «Барселона» хәм  «Реал» командалары  арасындағы  ойынның  өткерилиў ўақты анық болды деп хабар береди chеmpionat.asia сайты.

Ойын 18-декабрь күни  «Камп Ноу» стадионында  болып өтеди.

Ла-лига    басшылары  ойынды  4-декабрь күнинде болыўын қәлеген еди, бирақ федерация  еки клубтың өз-ара келсимин қоллады.

Мағлыўмат ушын, «Барселона» хәм «Реал» командаларының ойыны Барселона қаласындағы   тәртипсизликлер  себепли бийкар етилген еди.

 

                      Рахат ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ Журналистика тәлим

бағдарының 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги