Сайлаў – 2019

Орайлық Сайлаў комиссиясында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты сайлаўын өткеретуғын 150 округлик сайлаў комиссиясының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық сайлаў комиссияларының баслықлары ҳәм хаткерлери ушын семинар шөлкемлестирилди.

«Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар!» сүрени астында өтетуғын әҳмийетли сиясий кампанияға таярлық қызғын даўам етпекте.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо Улуғбек Абдусаломовтың атап өтиўинше, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатлығына талабанлар көрсетиў, оларды дизимге алыў – сайлаў кампаниясының әҳмийетли бир процеси болып, оны нызамлы, әдил, қалыс ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў сайлаўшылардың мүнәсип талабанларды таңлап даўыс бериўи ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Усы жылғы сайлаўлар биринши рет жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи. Кодекстен сайлаўларды улыўма тән алған халықаралық стандартлар ҳәм принциплер тийкарында демократиялық, ашық-айдын өткериўге хызмет ететуғын отыздан аслам жаңа норма ҳәм қағыйдалар орын алып, алдынғы ҳәрекетте болған көплеген шеклеўлер шығарып тасланды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 37-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан көрсетиў ҳуқықына тек ғана сиясий партиялар ийе болды.

Сайлаў Кодексиниң 9-статьясына муўапық сайлаў округлерин дүзиўде сайлаў округлериндеги сайлаўшылар санының жол қойылатуғын ең көп шетке шығыўы, қағыйда тәризинде, 10 проценттен артпаўы керек екенлиги белгиленди. Алдынғы нызамшылықта бул муғдардың шегарасы белгиленбеген еди. Тап сондай және бир жаңалық: буннан былай Нызамшылық палатасы, жергиликли Кеңеслердиң депутатлар сайлаўы бир ўақытта өткерилген жағдайда округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын округлик сайлаў комиссиялары 9-11 қурамда кеминде 70 күн қалғанында Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи. Округлик сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен усыныс етиледи. Нызамшылық палатасы депутатлар сайлаўын өткериў ушын 150 аймақлық сайлаў округи дүзиледи.

Ҳәр бир сайлаў округинен бир депутат сайланады. Нызамшылық палатасы депутатлар сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлериниң шегаралары Қарақалпақстан Республикасының, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимшилик-аймақлық структурасы есапқа алынған ҳалда қағыйда тәризинде Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында сайлаўшылардың саны тең ҳалда белгиленеди.

photo5303184399308794891.jpg

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, жетекши жоқары билимлендириў орынлары, Әдиллик, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрликлери ҳәм тараўдың басқа да билимлендириў, илимий, әмелий, изертлеў мәкемелериниң илимпазлары, экспертлери ҳәм әмелиятшылары менен биргеликте семинар-тренинглердиң бағдарламалары ислеп шығылғаны, онда дәстүрий баянатшылықтан ўаз кешилип, тийкарғы итибар әмелий көнликпелерди арттырыўға қаратылып атырғаны ҳаққында айтып өтилди.

Усы күнге шекем сайлаў комиссияларының 51 мыңға шамалас баслық, баслық орынбасары ҳәм хаткерлигине талабанлар ушын күнлик курсларда оқытылған. Ҳәзирги күнлерде семинар-тренинглердиң гезектеги басқышы даўам етпекте. Оқыўларға сайлаў комиссияларының 30 мыңнан көбирек ағзасы тартылған. Сайлаў күнине шекем жәми 180 мыңға шамалас адам системалы түрде оқытылыўы нәзерде тутылған.

Илажда Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими (СБЭД)не  айрықша тоқтап өтти. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими 18 жасқа толған, турақлы ямаса ўақтыншалық дизимде турыўшы, ой-пикири жақсы Өзбекстан Республикасының пуқаралары (20 миллион аслам пуқара) ҳаққындағы мағлыўматларды жәмлеген мәмлекетлик мәлимлеме ресурсы есапланады. СБЭДта бир сайлаўшының еки рет даўыс бериў жағдайларының алдын алыў, сайлаў участкаларына тийислилиги бойынша, көшпес мүлк объектлериниң кадастр цифрларына байланысқан ҳалда, сайлаўшылардың дизими қәлиплестирилгенлиги сыяқлылар тәмийинленеди.

– Быйылғы сайлаўларға заманагөй мәлимлеме технологияларының енгизилип атырғанлығы тек ғана сайлаў қатнасыўшыларының жумысын аңсатластырып емес, ал сайлаўшылар ушын да кеңнен имканиятлар жаратады, – дейди Хорезм ўәлаяты округлик сайлаў комиссиясының баслығы Мадиёр Бобожонов. – Атап айтқанда, сайлаўшылардың электрон дизимин қәлиплестириў арқалы даўыс бериўде қатнасыўшы пуқаралар, олардың сайлаў участкаларына тийисли мағлыўматлар менен танысыў мүмкин. «Сайлаў – 2019» мобиль қосымшасының жаратылғаны оннан орын алған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, оқыў материаллары, сораў-жуўаплар, тестлер, барлық аудио ҳәм видео материаллардан пайдаланыў ушын үлкен имканият болып есапланады. Қосымша қолайлы ҳәм оператив зәрүр мәлимлемени алыў имканиятын береди. Өз гезегинде, пуқараларымыз, сайлаўшыларымыздың сиясий-ҳуқықый мәдениятын арттырыўға үлес қосады.

Сондай-ақ, мәжилисте, участкалық сайлаў комиссияларының қурамын қәлиплестириў, депутатлыққа талабанларды дизимге алыў, сайлаў комиссияларының жумысын қаржыландырыў, Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардан пайдаланыў тәртиби, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, халықаралық және сырт ел бақлаўшылары менен ислесиў сыяқлы мәселелер ҳаққында ҳәр тәреплеме баянатлар тыңланды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

        ӨзАның хабаршысы