Жүк машинасының контейнери ишинен табылған 38 үлкен жастағы ҳәм бир жас өспиримниң жансыз денесиниң шахсы еле анықланбаған. Бул бойынша тергеў ҳәм сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында gazeta.uz  сайты хабар берди.

Уллы Британия полициясы 23-октябрь күни Болгариядан келгени болжанып атырған жүк машинасынан 39 мигранттың жансыз денесин анықлады. Оның контейнери музлатқышлы болып, ол тасыў ўақтында 25 дәрежеге шекем суўыта алады.

Арқа Ирландиялы 25 жасар пухара тийкарғы гүмандар болып тур. Полиция табылған денелердиң Болгария пуқаралары екенлиги итималының оғада аз екенлигин айтпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги