Енди мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер сумда өндириледи, товар ҳәм хызметлер ушын баҳалар, жәмийетлердиң устав капиталына қойылатуғын минимал талаплар тек ғана сумда орнатылады. Бул ҳаққында aniq.uz сайты мәлим етти
Оннан мақсет миллий валюта – сумның статусын күшейтиў болып есапланады. Кеше президент «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциясына қол қойған.
Соның менен бирге:
- валюта операцияларын әмелге асырыўда резидентлер ҳәм резидент емеслер сырт ел валютасындағы қаржыларына еркин ийелик етиўи;
- валюта операцияларын әмелге асырыўға байланыслы бир қатар рухсат бериў тәртиплериниң бийкар етилиўи;
- сыртқы саўда операциясы бойынша активлерди Өзбекстанға репатриациялаў бойынша талаплар;
- резидент физикалық шахслар тәрепинен сырт елде шеклеўлерсиз есапбетлер ашыўға рухсат берилиўи;
- физикалық шахслар 100 млн. сум эквивалентке шекем пул өткермелерин әмелге асырыў мүмкин екенлиги;
- физикалық шахслар ушын 100 млн. сум эквивалентинен артпаған муғдардағы нақ пулды Өзбекстаннан еркин алып шығыўы нәзерде тутылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги