Мәмлекетимиздиң сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары қандай тәртипте шөлкемлестириледи? Оларды дүзиў ҳәм тийисли округларға бириктириў қалай әмелге асырылады? Сайлаў процесслерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендиретуғын журналистлерди аккредитациялаў тәртиби ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисинде усы сыяқлы мәселелер ортаға тасланды. Мәжилисте комиссия ағзалары, сиясий партиялардың ўәкиллери ҳәм журналистлер қатнасты.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов сайлаўға таярлық процеси нызамшылықта белгиленген тәртипте даўам етип атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкаларының дүзилиўи, оларды округке бириктириў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шешилетуғыны белгилеп қойылған. Сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалар жанында сайлаў участкалары Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усынысы менен Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.

Сайлаў участкалары сайлаўға кеминде 60 күн қалғанында, қағыйда түринде, сайлаўшылардың саны ең кеминде 20 сайлаўшыдан ҳәм көби менен 3 мың сайлаўшыдан аспаған жағдайда дүзиледи. Сайлаў участкаларының саны округлер санынан кем болыўы мүмкин емес.

Округлик сайлаў комиссиясы сайлаў участкаларының тәртип санын белгилейди және тийисли участкалық комиссияның телефон номерлерин, жайласқан орнын ҳәм даўыс бериў имаратын көрсеткен ҳалда сайлаўшыларды ҳәр бир учасканың шегаралары ҳаққында хабардар етиўди шөлкемлестиреди.

Нызамшылық палатасы, жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы бир ўақытта өткерилген тәғдирде Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи.

Сондай-ақ, сырт елде ўақытша ямаса турақлы жасап атырған пуқаралар, олардың мүрәжатларына тийкарланып сырт елдеги сайлаў учаскаларындағы сайлаўшылардың дизимине киргизиледи.

Буннан тысқары, пуқаралар Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы электрон түрде сырт елдеги сайлаў участкасының сайлаўшылары дизимине киргизиў ҳаққындағы мүрәжатын сайлаўға 15 күн қалғанға шекем бериўи мүмкин.

Сондай-ақ, мәжилис шеңберинде ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселеси көрип шығылды. Сайлаў кампаниясы дәўиринде ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериў тәртиби ҳақындағы нызамға муўапық сол күнге шекем Орайлық сайлаў комиссиясына аккредитациядан өткериў бойынша мүрәжат еткен бир қатар ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине мандатлар тапсырылды.

Илаж шеңберинде «SAYLOV-2019» мобиль қосымшасының көргизбеси де өткерилди. Бул мобиль қосымша сайлаў комиссияларының нәтийжели жумыс ислеўи ушын қосымша қолайлықлар ҳәм имканиятлар жаратады. Оннан сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери, сайлаў комиссияларының белсендилери ҳаққындағы мағлыўматлар, сайлаўшылар, комиссия ағзалары, сиясий партиялар ҳәм талабанлар және бақлаўшылар ушын методикалық усыныслар, сайлаў белсендилериниң билимин арттырыўға байланыслы оқыў материаллары, китаплар ҳәм мақалалар, сайлаўдың темасы бойынша сораў-жуўаплар орын алған. Сайлаўшыларға өз сайлаў участкасын таўып алыўына жәрдемлесиў ушын арнаўлы қосымша да жайластырылған.

 

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы